«Дәслепки раўажланыў орайы» жумыс баслады

100

Әмиўдәрья районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими жанында шөлкемлестирилген орайдың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Кожабаева, район ҳәкими Собир Хожаметов ҳәм басқалар қатнасып, орайдың келешектеги жумысларына раўаж тиледи.

– Орайдың тийкарғы ўазыйпасы – мектепке шекемги билимлендириў системасына еле қамтып алынбаған балаларды, атап айтқанда, «Кәмбағаллық реестри»не киргизилген шаңарақ перзентлерин ҳәм имканияты шекленген 2-7 жастағы балаларды бийпул билимлендириў процесине тартыўдан ибарат, -дейди районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы Ялғаш Шамуратов.

Заманагөй түрде үскенеленген орай балалардың сапалы билим алыўы ушын жақты ҳәм қолайлы класслар, зәрүрли оқыў-методикалық қураллар менен толық тәмийинленген болып, кең және қәўипсиз ойын майданшалары олардың заўықланып ойнаўына имкан береди.

Дәслеп 240 бала орайға қамтып алынып, билимлендириў процеслери 2 сменада 4 сааттан алып барылады. Сондай-ақ, инклюзив билимлендириў системасы жолға қойылып, айрықша күтимге мүтәж балалар ушын өз үйинде индивидиуал билимлендириў шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги