“Декларациялар қарым-қатнасы” II халықаралық форумы экспертлер нәзеринде

– Ташкентте болып өткен “Декларациялар қарым-қатнасы” II халықаралық форумы жәмийетте тынышлық, татыўлық ҳәм турақлылықты сақлаўдың әҳмийетли факторы сыпатында динлер ҳәм мәдениятлар арасындағы конструктивлик қарым-қатнасты раўажландырыўға қаратылды. Ҳүждан ҳәм исеним еркинлигин алға қойыў, диний белгилер бойынша кемситиўге қарсы гүресиў, конфессиялараралық исенимди беккемлеў мәселелери дыққат орайында болды. ӨзАның хабаршысы сырт елли белгили қәнигелердиң әнжуман ҳаққындағы пикирин жазып алды.

Мустафа Акйол, журналист ҳәм жазыўшы (Түркия):
– 2022-жылы болып өткен биринши форум шеңберинде қабыл етилген Бухара декларациясы мәмлекетлик институтлар ҳәм диний шөлкемлер арасындағы тең салмақлылыққа тийкарланған кеңпейиллик идеясын қоллап-қуўатлаўы менен айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтиў орынлы. Ҳүжжетте ҳәр бир инсанның пикир, исеним, ҳүждан еркинлиги түсиниклери менен байланыслы ҳуқықы беккемленген.

Жонатан Хеник, Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси:
– Пурсаттан пайдаланып, “Sterling Foundation” ҳәм “Тhe Love Your Neighborhood community” жәмийетшилиги алып барып атырған ҳәрекетлерди айрықша атап өтпекшимен. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳүкиметиндеги шериклеримизге диний еркинликти кеңейтиў жолындағы жумыслары ушын миннетдаршылық билдиремен. Халықаралық көлемде турақлы даўам ететуғын бул процессте биргеликте умтылыў арқалы бир-биримизди және де еркин түсиниў, өз-ара хошаметлеўимиз мүмкин.

Сити Руҳоиний Жуҳаятин, Индонезияның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси:
– Бул илаж тыныш-татыў жасаў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм сақлаў зәрүрлигинен ескертиўде оғада әҳмийетли, деп ойлайман. Бул халықаралық сөйлесиў Ташкентте болып өтип атырғаны бийкарға емес. Бул елде ҳүким сүрип атырған турақлы тынышлық Өзбекстаннан үйренер тәреплеримиз көп екенине айқын ҳәм турмыслық мысал. Дипломат сыпатында мен де усы алдынғы жәмийеттиң бир бөлеги екенимди мақтаныш етемен.

Элдер Жак Н. Герард (Германия):
– Дин тараўында пикирлесиў оғада әҳмийетли. Соның менен бирге, Өзбекстанда усы бағдарда әмелге асырылып атырған сиясат халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплерине тийкарланған, дослық ҳәм тынышлықты сүйиўши жол.

Шайх Абдуллоҳ ибн Байя, БАӘ Фатво кеңесиниң баслығы (Форум қатнасыўшыларына видеомүрәжат арқалы жолланған қутлықлаўдан):
Өзбекстанның қабыл етиўши мәмлекет сыпатындағы ролин жоқары баҳалаймыз. Сондай-ақ, конфессиялараралық тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеўде халықаралық декларациялар айрықша әҳмийетке ийе екенин де атап өтиў орынлы.
Өзбек жеринде бир неше әсирлер алдын Бухара, Самарқанд, Хийўа сыяқлы илим ҳәм мәденияттың сийрек ушырасатуғын цивилизация орайлары қәлиплескен, дүньяға белгили илимпазлар Ал-Бухарий, Ибн Сина, Ал-Хорезмийлер адамзаттың ой-пикирин раўажландырыўға, дүнья мийрасын байытыўға шексиз үлес қосқан.
Бирлескен Араб Әмирликлери мәмлекет басшысының тынышлық ҳәм кеңпейиллик қәдриятларын үгит-нәсиятлаў бағдарындағы теңсиз ҳәрекетин тән алады.
Диний азшылықты ҳүрмет етиў улыўма инсаныйлық принцип, конфессиялар аралық қарым-қатнасты жақсылаў, диний исеним еркинлигин тәмийинлеўге умтылыў барлық халықлардың улыўма мақсети. Усы көзқарастан конструктивлик конфессиялараралық бирге ислесиўди беккемлеў, диний билимлендириўди раўажландырыў, сиясий пикирлесиўди қоллап-қуўатлаў, диний топарлар ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыў бойынша халықаралық жәмийетшиликти бирлестириўде Форумның орны айрықша.
Муҳаррама Пирматова, ӨзАның хабаршысы