200 пуқараның ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды

105

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасына бола «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар менен қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди.

Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алыныўы, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылыўына тийкар жаратылды. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм имарат және объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелерине де унамлы шешим табылатуғын болды.

Усы нызамның 20-статьясы тийкарында Өзбекстан Республикасы Экономика ҳǝм қаржы министрлиги жанындағы Кадастр агентлигиниң “E’tirof” автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы келип түскен өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў бойынша топланған ҳүжжетлер көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала, Кегейли, Қанлыкөл, Төрткүл, Тақыятас, Шымбай, Қоңырат, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Нөкис районларындағы 200 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, буннан алдын усы нызам менен бүгинги күнге шекем республикамыз бойынша 291 турақ жай ийелериниң ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги