Педагоглар мәмлекетлик бажының қайсы түрлеринен азат етиледи?

Ҳуқықый мүнәсибет
Конституциямыздың 52-статьясына бола, елимизде муғаллимниң мийнети жәмийет ҳәм мәмлекетти раўажландырыў, саламат, бәркамал әўладты қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў, халықтың руўхый ҳәм мәдений потенциалын сақлаў ҳәм байытыўдың тийкары сыпатында тән алынады. Сол себепли мәмлекетимизде оларға кең имканиятлар жаратылған. Бул имканиятлардан бири олардың мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи болып есапланады.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Юридикалық клиникасының хызметкери Имомали Туев бул бойынша төмендегише түсиник берди:
– Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамына бола педагоглар мәмлекетлик бажыдан азат етиледи. Оған бола, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамның 8-статьясы 5-прим 2-бәнтине бола, Пуқаралық ислери бойынша судларда педагог хызметкерлер кәсиплик жумысын әмелге асырыў даўамында өз ар-намысы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайын қорғаў менен байланыслы ислер бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.
Бул нызамның 10-статьясы 19-бәнтине бола, педагог хызметкерлер кәсиплик жумысын әмелге асырыў даўамында педагог хызметкерлердиң ҳуқықларын бузып атырған мәмлекетлик уйымлардың нызамсыз қарарлары, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен ҳәкимшилик судқа шағым еткенде мәмлекетлик бажыдан азат етиледи.
Гулноза Бобоева, ӨзА