Алданып қалмаң, сергеклик дәўир талабы

85

Соңғы ўақытлары басқалардың атына нызамсыз кредит рәсмийлестириў жағдайлары кескин көбейди. Ең қәўетерлиси, бундай жумысларды айырым лаўазымлы шахслар, жумыс орнында өзгелердиң исенимине кирген шахслар да ислемекте. Бундай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў ушын төмендеги хызметти активлестирип қойсаңыз, Сизиң атыңызға ҳеш ким кредит рәсмийлестире алмайды!

– GooglePlay ямаса AppStore арқалы MyGov қосымшасын жүклейсиз.

– MyID арқалы паспорт номери ҳәм туўылған күниңизди киргизип, шахсыңызды тастыйықлайсыз.

-“Кредит шәртнамасын дүзиўди қадаған етиў” хызметин таңлайсыз ҳәм активлестиресиз.

– Хызметтен пайдаланыў пүткиллей бийпул!

-Активлестирилген тыйым ҳаққындағы мағлыўматлар “Кредит келисимин дүзиўи қадаған етилген шахслар реестри”не киргизиледи, бул болса банклер ҳәм финанслық шөлкемлер тәрепинен сизге кредит берилиўине жол қоймайды.

-Бул әҳмийетли хызметтен пайдаланып өзиңизди ҳәм жақынларыңызды алдаўшылықтан қорғаң!

-Кредит тарийхы Банктен кредит алыў процесинде, биринши гезекте, банк хызметкерлери кредит тарийхыңызды тексереди. Сол себепли, банкке мүрәжат етиўден алдын, кредит тарийхыңызды тексерип көриўиңиз пайдалы болады.

Мансур Туракбаев,

Нөкис қалалық Әдиллик бөлими

Мәмлекетлик хызметлер орайы бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги