Мәмлекетлик хызметкер-нызам қорғаўында

126

Өзбекстанда мәмлекетлик пуқаралық хызметин жаңа басқышқа алып шығыў жолында реформалар избе-из даўам етпекте. 2022-жыл 10-ноябрьден күшке кирген “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы Нызам бул бағдардағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды.

Нызамға бола, мәмлекетлик хызметкерлер ушын анық ҳуқық ҳәм миннетлемелер белгиленди, соның менен бирге олардың мәплерин қорғаўдың жаңа ҳуқықый механизмлери енгизилди.

Соның ишинде, егер мәмлекетлик уйым қабыл еткен қарар нызамға қайшы болса ямаса лаўазымлы шахстың ҳәрекети (ямаса ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде хызметкердиң ҳуқықлары бузылса, ол енди қол қаўсырып отырыўы шәрт емес. Нызам хызметкерге үш жолдан бирин таңлаў имканиятын береди. Яғный, ол жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымға шағым етиў, арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымға мүрәжат етиў, суд арқалы өз ҳуқықын талап ете алады.

Әсиресе, “Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққында”ғы Кодекс мәмлекетлик хызметкерлер ушын үлкен имканият ашады. Бул кодекс арқалы хызметкер өз ҳуқық ҳәм мәплерин судта қорғаўы мүмкин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 15-июньдеги ПП-95-санлы Пәрманы менен мәмлекетлик хызметкерлер лаўазымларының бирден-бир реестри тастыйықланды. Бул болса хызмет системасын және де ашық ҳәм нәтийжели етиўге хызмет етеди.

Мәмлекетлик хызметкер енди өз ҳуқықларын қорғай алатуғын толық механизмге ийе. Бул, бәринен бурын, әдил ҳәм нәтийжели мәмлекетлик хызметти қәлиплестириў, хызметкерлердиң жуўапкершилигин ҳәм жумысқа қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етеди.

Камалатдин Хожамуратов,

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги