Дүнья китаплары дүрданалары қарақалпақ тилинде

Соңғы жыллары халқымыздың китап оқыўға болған қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта. Сонлықтан елимизде китапқумарлар тәрепинен сүйип оқылатуғын шығармаларды қайта басып шығарыў ҳәм дүньядағы белгили китапларды ана тилимизге аўдарыў жумыслары турақлы жолға қойылмақта.
Жақында “Plato books”, “Booky”, “Atiyaj” ЖШЖ лар ҳәм “Айдынлар” жойбары тәрепинен финанслық саўатлылық бойынша қарақалпақ тилине аўдарылған дүнья көлеминде бестселлерге айланған китаплар басып шығарылды. Соның ишинде, Бодо Шефердиң “Пул әлипбеси”, Жорж С. Клейсонның “Вавилонның ең бай адамы”, Саидмурад Давлатовтың “Мен ҳәм пул” ҳәм “Пикирлеў стратегиясы” китаплары көп нусқада басып шығарылды.
Усы китапларды кең жәмийетшиликке таныстырыў мақсетинде, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында финанслық саўатлылық бойынша қарақалпақ тилине аўдарылған бестселлер китаплардың презентациясы болып өтти.
Илаж Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, “Plato books”, “Booky” ҳәм “Кайпанов” ЖШЖ тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди.
Кешеге студент-жаслар, жазыўшылар, респуликамыздағы мәлимлеме-китапхана орайларының хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының проректоры Қ. Қодиров, социология илимлери бойынша философия докторы Р. Сапарбаевлар соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў бойынша исленип атырған илажларға жоқары баҳа берип, бүгинги жаңа китаплардың таныстырыў кешеси бул ислердиң айқын дәлийли екенлигин атап өтти.
Кешеде исбилермен Азамат Кайпанов “Мен ҳәм пул” ҳәм “Пикирлеў стратегияси” китапларының презентациясын әмелге асырды.
“Booky” жойбарының тийкарын салыўшысы Азизбек Дабылов “Айдынлар” жойбары ҳаққында презентация иследи.
Бағдарлама даўамында қатнасыўшылар менен сораў-жуўаплар өткерилди. Ең жақсы сораў ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен китап ваучерлери ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
-Китапқумарлардың талап ҳәм мүтәжлигин қанаатландырыў мақсетинде, басқа тиллерде жазылған белгили шығармаларды қарақалпақ тилине аўдарыў, бурын басып шығарылған шығармаларды қайта басып шығарыў ҳәм кеңнен тарқатыў жумыслары даўам еттирилмекте. “Plato books” ҳәм “Booky” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳәм “Айдынлар” жойбары тәрепинен француз жазыўшысы Антуан де Сент-Экзюперидиң “Кишкене шаҳзада” китабы қарақалпақ тилинде 2000 нусқада басып шығарылды ҳәм китапқумарлар тәрепинен жыллы күтип алынды,-дейди Азизбек Дабылов.-Сондай-ақ, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Караматдин Султановтың “Әжинияз” романы қайта басып шығарылды. Бул шығарма халқымыз арасында сүйип оқылатуғын романға айланған. Буннан тысқары, қарақалпақ тилинде 20 ға шамалас шығарма заманагөй усылда қайта басып шығарылды. Жақын күнлерде басқа китаплардың да презентациялары өткерилиўи режелестирилген.
-Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған “Бес баслама” жойбарының төртинши басламасы жасларды китапқумарлыққа қызықтырыў ҳәм бағдарлаўға қаратылған,-дейди Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы Ғайратдин Сейтеков- Бүгинги презентация да усы басламаның әмелий көриниси болып, жаслардың илим ҳәм ағартыўшылыққа болған қызығыўшылығын күшейтиўге хызмет етеди. “Зийрек китапқумар”, “Жас китапқумар”, “Жас китапқумар шаңарақ”, “Заковат” интеллектуаллық таңлаўлары да бир мақсет жолында бирлесип, жасларды китап оқыўға шақырыў, билимге умтылыў ҳәм пикирлеўди раўажландырыўға үлес қоспақта.

Ҳақыйқатында да, қарақалпақ тилине бестселлер шығармалардың аўдарылыўы, қайта басып шығарылыўы, аудиокитаплар ҳәм келешекте фильм вариантларының таярланыўы жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыўға, миллий әдебиятымыз ҳәм мәдениятымызды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы