Жаслар менен пикирлесип, көшпели суд өткерилди

Қараөзек районы Жаслар орайында «Судья ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти. Ушырасыўда Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы А.Салиев ҳәм Қараөзек районы прокурорының жәрдемшиси Е.Садуллаев қатнасып, жаслар менен ашық пикирлести.
Илажда судья тәрепинен жасларға кейинги жылларда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, 2025-жыл 11-мартта қабыл етилген «Халыққа суд додалаўларында аралықтан турып қатнасыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам ҳаққында түсиниклер берилди. Нызам менен пуқаралардың судларға онлайн тәризде мүрәжат етиўи ҳәм аралықтан қатнасыўы ушын жаратылған қолайлықлар кеңнен сәўлелендирилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 21-августта қабыл етилген “Судлар жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-140-санлы Пәрманының әҳмийети ҳаққында сөз етилди.
Пәрманда судлардың жумысына жасалма интеллект ҳәм заманагөй санлы технологияларды енгизиў, суд ислерин жүргизиўде автоматластырыўды буннан былай да раўажландырыў, судьялардың жумысын жеңиллетиў ҳәм әдил судлаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге қаратылған тийкарғы ўазыйпалар белгиленген. Соның менен бирге, суд имаратларын заманагөй үскенелер менен тәмийинлеў, материаллық-техникалық тәмийнатты жақсылаў арқалы пуқаралар ушын мүнәсип суд орталығын жаратыў да нәзерде тутылған.



Өткерилген илаж даўамында көшпели суд мәжилиси шөлкемлестирилди. Онда жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың аўыр ақыбетлери, жаслар арасында ушырасып атырған ҳәр қыйлы нызамбузыўшылық жағдайлары ҳаққында турмыслық мысаллар келтирилип, бул арқалы олар әмелият арқалы нызамның үстинлиги, жаза белгиленгени ҳәм әдил судлаў түсиниклерин және де тереңирек аңлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги