Университетлерди категорияластырыў, қаржыландырыў ҳәм басшылар таярлаўдың жаңа системасы

Прогнозластырыў ҳәм макроэкономикалық изертлеўлер институты изертлеў нәтийжелерине бола, мәмлекет тәрепинен билимлендириў системасына ажыратылып атырған қаржылардың 1 процентке артыўы кәмбағаллықты 0,03 процентке қысқартыў имканиятын береди.
Өзбекстанда соңғы жылларда тәлим-тәрбия, илимге итибар пүткиллей өзгерди. Атап айтқанда, соңғы жыллары мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм жоқары билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелерин раўажландырыў бойынша системалы, басқышпа-басқыш ҳәм комплексли илажлар әмелге асырылып келинбекте. Бул бағдарда бир қатар әҳмийетли пәрман, қарар ҳәм бағдарламалар қабыл етилди.
Соның менен бирге, системада еле де бир қатар шешимин күтип атырған машқалалар бар. Университетлерди баҳалаўда олардың бағдары ҳәм дәрежеси есапқа алынбай, ҳәмме ушын бирдей өлшем қолланылады. Бул жағдай оқыў бағдарламаларын тереңлестириў ямаса қәнигелестириўге тосқынлық етеди.
Қаржыландырыў тийкарынан студентлердиң санына байланыслы болып, билимлендириўдиң сапасы, питкериўшилердиң мийнет базарындағы бәсекиге шыдамлылығы ҳәм халықаралық абырайы есапқа алынбайды.
Нәтийжеде университетлер статистикалық көрсеткишлердиң изинен қуўыўға мәжбүр болып, бул билимлендириўдиң мазмунына емес, формаға көбирек итибар қаратыўға алып келмекте.
Билимлендириўдиң индустрия менен байланысы да жетерли дәрежеде емес. Әсиресе, техникалық бағдарларда ажыратылған квоталар үлкен болыўына қарамастан, жаслар арасында инженерликке қызығыўшылық аз. Сондай-ақ, университетлерди басқарыўда кадрлар потенциалы жетерли емес, ректор ҳәм басшылар заманагөй менеджмент көнликпелерин толық ийелемеген. Педагоглардың қәнигелигин арттырыў системасы болса бөлекленген ҳалда жумыс ислеп киятырғаны себепли қаржылар нәтийжесиз жумсалмақта.
Реформалардың жаңа басқышында университетлердиң жумысында профиль ҳәм бағдар есапқа алынған ҳалда категорияластырыў системасы енгизиледи.
Изертлеў университетлери, әмелий бағдардағы оқыў мәкемелери, гуманитар ҳәм мәдений-көркем өнертаныўға қәнигелескен ЖООлар айрықша баҳаланады. Бул арқалы ҳәр бир университеттен күтилип атырған нәтийже анық белгиленип, олардың потенциалын толық көрсетиў имканияты жаратылады.
Қаржыландырыў системасы да жаңа тийкарға өтпекте. Енди университетлер ушын ажыратылатуғын қаржының 60-70 проценти базалық қоллап-қуўатлаў сыпатында кепилленсе, қалған 30-40 проценти миллий рейтинг нәтийжелерине бола бөлистириледи. Миллий рейтингте тийкарғы өлшемлер сыпатында питкериўшилердиң жумыс пенен тәмийинлениўи, санаат пенен әмелге асырылған жойбарлар, сырт елли студентлерди тартыў көрсеткиши, илимий мақалалар ҳәм халықаралық грантлар есапқа алынады.
Университетлерде басшылық потенциалын арттырыў мақсетинде “Ректорлар мектеби” жойбары жолға қойылады. Жойбар арқалы перспективалы кадрлар таңлап алынып, “Жаңа Өзбекстан” университетинде таярлаў курсларынан өткериледи. Ең жақсы 30 талабан Гарвард ҳәм басқа абырайлы сырт ел орайларында оқыў имканиятына ийе болады. Бул арқалы ректор ҳәм проректорларға заманагөй менеджерлик резерви жаратылады.
Соның менен бирге, педагог кадрлардың маманлығын арттырыў системасы да түп-тийкарынан жаңаланады. Ҳәзирше өз алдына бес структура арқалы әмелге асырылып атырған процесс бирден-бир орайласқан системаға бирлестириледи. Бул арқалы тәкирарланыўлар сапластырылып, жылына шама менен 420 миллиард сум үнемленеди. Бул қаржылар заманагөй методикалар ислеп шығыў, билимлендириў процесслерин санластырыў ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыўға бағдарланады.
Улыўма алғанда, елимиздиң билимлендириў системасын түп-тийкарынан өзгертиў, оны халықаралық стандартларға интеграциялаў, мийнет базарының талабына сәйкес жоқары маманлықтағы қәниге кадрлар таярлаў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.
Раўажланыўға умтылып атырған мәмлекетлер биринши гезекте инсан капиталына инвестиция қаратады. Инсан капиталының раўажланғанлығы ҳәр қандай мәмлекеттиң келешегиниң тийкары болып есапланады.
Усы мәнисте, Өзбекстанда жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Әйне билимли жаслар Өзбекстанның экономикалық-социаллық раўажланыўын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўы мүмкин.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзАның хабаршысы