Әҳмийетли бағдарлама даўам етпекте

104

Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм жаңа дәрамат дәреклерин жаратыўға қаратылған кең көлемли реформалар избе-из даўам етпекте. Әсиресе, кәмбағал ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, оларды киши исбилерменликке тартыў бағдарында әмелий жумыслардың ислениўи жақсы нәтийжелер менен көзге тасланбақта.

Бул бағдардағы жумыслар Тақыятас районында да шөлкемлескенлик  пенен алып барылмақта. Әсиресе, қусшылықты раўажландырыў бағдарындағы әмелий илажлар тийкарында бүгинги күнде шөже алған шаңарақлардың көпшилиги мәйек ҳәм гөш жетистириўди баслап, азық-аўқат тәмийнатын жақсылап ғана қалмастан, артықша өнимди базарға шығарып сатпақта. Бул болса шаңарақлардың қосымша дәрамат таўып, шаңарақтағы экономикалық еркинликке  алып келмекте. Айырым белсенди шаңарақлар болса өз жумысын кеңейтип, қусшылықты киши бизнес дәрежесине алып шығыўға умтылмақта.

Усы жумыслар қатарында районда  қәўендер шөлкемлер менен биргеликте “Жайхун” мәҳәллесиндеги кәмбағал шаңарақларға шөже тарқатыў жумыслары шөлкемлестирилди.

– Мәмлекетимизде алып барылып атырған «Кәмбағаллықтан абаданлыққа  қарай» бағдарламасы тийкарында кәмбағаллық реестрында турған шаңаракларды қәўендерлигине алған мәкеме, кәрханалардың шөлкемлестириўи менен жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға әмелий жәрдемлер берилип келинбекте. Күни кеше усындай шаңарақларға  жүз шөжеден тарқатылып берилди. Бул әлбетте,  олардың шаңарақлық финанс жағдайын жақсылап, абадан турмыс кешириўине тийкар жаратады,-дейди ҳәким жәрдемшиси А.Қудайбергенов.

                                                                 Қарақалпақстан  хабар агентлиги