“InnoWeek-2025: Илимий қолланбалар көргизбеси ҳәм стартаплар фестивалы

Нөкис мәмлекетлик техника университетинде «InnoWeek-2025: Илимий қолланбалар көргизбеси ҳәм стартаплар фестивалы» болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимнлери менен басланған илажды Нөкис мәмлекетлик техника университети Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Артықбаев ашып берди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги сектор баслығы Ж.Осербаев, Нөкис мәмлекетлик техника университети Регистратор офиси баслығы Р.Отениязовлар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.
Онда “InnoWeek-2025» сыяқлы бир қатар жойбарларда белсене қатнасып киятырған Нөкис мәмлекетлик техника университетиниң магистранты, “Зулфия” сыйлығының ийеси Б.Турениязова қатнасыўшыларға жойбар, онда қатнасыў талаплары, жеңиске ерисиў ушын қайсы тәреплерге айрықша итибар қаратылыўы керек екенлиги ҳаққында мағлыўмат берип өтти.
Буннан соң Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы студентлериниң музыкалық шығыўлары жыйналғанлардың итибарына усынылды.
Төрешилер қурамы ағзалары ҳәр бир қатнасыўшының жойбары менен танысып, өзлерин қызықтырған сораўларға жойбар авторларынан жуўап алды. Оларды баҳалаўда жойбардың әҳмийетлилиги, әмелиятқа енгизилгенлик дәрежеси сыяқлы бир қатар тәреплерге итибар қаратылды.
60 тан аслам жойбарлар арасында тамшылатып суўғарыў системасын автоматластырыў, билимлендириўдиң сапасын қадағалаўда инсан факторын азайтыў сыяқлы мақсетлерге бағдарланған жойбарлар ҳәммеде бирдей қызығыўшылық оятты.
Сыйлықлаў мәресими алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги сектор баслығы Ж.Осербаев, Нөкис мәмлекетлик техника университети Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры М.Артықбаев, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры ў.ў.а. А.Сайымбетовлар шығып сөйлеп, барлық инноватор ҳәм стартаперлерге қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Илажда “InnoWeek-2025» инновациялық идеялар ҳәптелигинде қатнасыў жолламасын қолға киргизген 20 жойбардың авторлары, жоқары оқыў орынлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен Миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, барлық қатнасыўшыларға Нөкис мәмлекетлик техника университети атынан миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы