Мәҳәлле баслықлары ушын оқыў-семинары басланды

Бүгин Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Нөкис қаласындағы мәҳәлле баслықларының қатнасыўында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы С.Турманов, аўқамның жуўапкер хызметкери С.Курбанкулов ҳәм Нөкис қаласы ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Қанназаров қатнасты.
Семинарда «мәҳәлле жетилиги» ағзаларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм олардың мәмлекетлик уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, халық депутатлары кеңеслери менен өз-ара бирге ислесиўин системалы жолға қойыў, жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жыл жуўмағы, 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар, сондай-ақ, қәўипсиз мәҳәлле орталығын жаратыў, «санлы мәҳәлле» платформасы, мәҳәллениң финанслық имканиятларын арттырыў сыяқлы бағдарларда көнликпелер берилди.
Соның менен бирге, мәҳәлле баслығының жаслар тәрбиясындағы орны, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж пуқараларға социаллық хызмет көрсетиўде ашық-айдынлық мәселелерине де әҳмийет қаратылды.

Семинар жуўмағында мәҳәлле баслықлары өз-ара пикир алысып, жуўапкерлерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Семинар 11-сентябрь күни барлық районлардағы мәҳәлле баслықлары ушын даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги