Бүгин Ташкентте “Декларациялар қарым-қатнасы” II Халықаралық форумы басланды

100

15 мәмлекеттен 50 ге шамалас эксперт, диний улама, теолог ҳәм рәсмийлер қатнасып атырған әнжуман Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен АҚШтың “Love Your Neighbor Community”мәмлекетлик емес шөлкеми менен биргеликте өткерилмекте.

Атап өтилиўинше, форумның тийкарғы мақсети – ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик мәденияты идеяларын алға қойыўда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў болып табылады.

Илажда Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар атап өтилди. Атап айтқанда, жаңа редакциядағы “Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында”ғы нызам, диний шөлкемлерди дизимге алыўдағы жеңилликлер, Ҳаж квоталарының еки есеге арттырылыўы ҳәм жаңа ислам билимлендириў мәкемелериниң ашылыўы усылардың қатарына киреди.

Форум жуўмағында бул сөйлесиў тынышлық ҳәм аўызбиршиликке хызмет ететуғынына, илаждың жуўмақлаўшы ҳүжжети болса глобал дәрежеде улыўмаинсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлайтуғынына исеним билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги