Макрон жаңа Бас министр тайынлады (+видео)

114

Франция Президенти Эммануэль Макрон кеше кеште қорғаныў министри Себастьен Лекорнюди мәмлекеттиң жаңа Бас министри етип тайынлады.

Хабарыңыз бар, ҳүкиметтиң бурынғы басшысы Франсуа Байру исеним даўысын жойытты. Оның 2026-жылға мөлшерленген бюджет режеси, соның ишинде, қәрежетти 44 миллиард евроға шекем қысқартыў ҳәм мәмлекеттиң еки байрамын бийкарлаў усыныслары парламентте кескин сынға алынды.

Байрудың басқарыў дәўиринде бюджет дефицити жалпы ишки өнимниң 5,8 процентине жетти, мәмлекет қарызы 3,3 триллион евродан асты.

Қулласы, Француа французлардың исенимин ақлай алмады. Буның үстине мәмлекеттеги экономикалық турақсызлық себепли халықтың наразылығы артты.

Жаңадан тайынланған 39 жасар Себастьен Лекорню Макрон ҳүкиметиниң тәжирийбели ағзасы есапланады. Бул тайынлаў арқалы финанслық реформа процесинде сиясий турақлылықты тәмийинлеў мақсет етилген.

Тәбийғый, бул қарардың өзин қай дәрежеде ақлаўы жаңа Бас министрдиң әмелий жумысларына байланыслы.

ӨзА