Миллий техникалық комитетлер халықаралық майданда

Ҳәр бир мәмлекетте өним ҳәм хызметлердиң сапасын тәмийинлеў, қәўипсизликти кепиллеў ҳәм базарда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ушын стандартластырыў әҳмийетли орын иелейди. Стандартластырыў процесинде болса техникалық комитетлер тийкарғы роль атқарады. Олар тараў қәнигелери, илимий мәкемелер, ислеп шығарыўшылар ҳәм пайдаланыўшыларды бирлестирген ҳалда миллий ҳәм халықаралық стандартларды ислеп шығыў және жетилистириўде қатнасады.
Мәмлекетимизде де техникалық жақтан тәртипке салыў системалары арасында таяныш бағдарлардан бири есапланған стандартластырыў тараўын раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан стандартлар институты директорының орынбасары Умид Шожалилов системада әмелге асырылып атырған жумыслар, техникалық комитетлер, олардың ўазыйпалары ҳәм әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында төмендегилерди айтып берди:
– Стандартластырыў бойынша техникалық комитет белгили бир тараўдағы стандартларды ислеп шығыў, қайта көрип шығыў ҳәм жетилистириў менен шуғылланатуғын қәнигелер топары болып есапланады, – дейди Умид Шожалилов. – Олар миллий стандартластырыў уйымы жанында дүзиледи ҳәм оның нормативлик-ҳуқықый базасына муўапық ислейди.
Стандартластырыў бойынша техникалық комитетлердиң тийкарғы ўазыйпалары стандартластырыў системаларының жумысын ҳәм раўажланыўын тәмийинлеўде қатнасыў, халықаралық стандартларды қолланыў тийкарында оны халықаралық, мәмлекетлераралық системалар менен сәйкеслендириў, стандартларды ислеп шығыў, қабыл етиў, қайта көрип шығыўда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў жолы менен соның ишинде, оларда дәстүрий технологиялардың алдынғы имканиятларын, келешекке дәслепки талапларды белгилеўди есапқа алған ҳалда ислеп шығарылып атырған өнимниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыўды тәмийинлеўде қатнасыўдан ибарат.
Бүгинги күнде елимизде министрликлер, уйымлар, ассоциациялар ҳәм өндирис кәрханалары жанында стандартластырыў бойынша 34 миллий техникалық комитет жумыс алып бармақта. Бул техникалық комитетлердиң жумысында жәми 824 қәниге қатнаспақта.
Биз билемиз, ISO шөлкеминиң тийкарғы мақсетлери халықаралық көлемде тутас, улыўма қабыл етилген стандартларды жаратыў, саўдада, санаатта ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында сапаны ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, мәмлекетлер арасындағы техникалық тосқынлықларды азайтыў, инновациялар ҳәм технологиялық раўажланыўды қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Миллий техникалық комитетлеримизде жумыс алып барып атырған қәнигелер тәрепинен мәмлекетимиздиң мәпин халықаралық дәрежеде алға қойыў мақсетинде миллий техникалық комитетлердиң халықаралық шөлкемлердеги қатнасыўын және де арттырыў әҳмийетли ўазыйпа есапланады.
Сонлықтан, әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде ISO шөлкеминиң техникалық комитетлериниң жумысында 43 толық ҳуқықлы ағза, 251 бақлаўшы ағза Өзбекстанның атынан қатнаспақта. Бүгинги күнде бул қәнигелер тәрепинен 43 халықаралық стандарт жойбары көрип шығылып, даўыс берилди.
Өзбекстан Республикасының “Стандартластырыў ҳаққында”ғы нызамының 8-статьясына тийкарланып бүгинги күнде миллий стандартластырыў системасында тийкар болатуғын нормативлик ҳүжжетлерди халықаралық нормаларға сәйкеслендириў, яғный ҳүжжетлерди терең таллаў ҳәм нәтийжеде бүгинги күн талабына сәйкес келмейтуғын, руўхый жақтан ескирген нормаларды шығарып таслаў зәрүрлиги бар. Сондай-ақ, тийкар болатуғын стандартларды халықаралық нормалар менен байытыў арқалы стандартларды жаңадан қабыл етиў әҳмийетли мәселе болып қалмақта.
Жуўмақ орнында соны атап өтиў керек, Өзбекстанда стандартластырыў тараўында техникалық комитетлердиң жумысы экономикалық реформалар, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыў ҳәм халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли механизмлерден бири болыўы зәрүр. Ҳәр бир тараўдағы қәнигелер, изертлеўшилер ҳәм ислеп шығарыўшылар усы техникалық комитетлерде белсене қатнасып, стандартластырыў процесин әмелий жақтан раўажландырыўға үлес қосыўы керек. Сондай-ақ, миллий техникалық комитетлер халықаралық майданда белсене қатнасыўы ҳәм халықаралық стандартларды мәмлекет шараятына бейимлестириўи стратегиялық әҳмийетке ийе.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА