Мектеп мәсләҳәтшиси ким ҳәм перзентлеримизге не бере алады?

Мектеплерде оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин қоллап-қуўатлаў арқалы балалардың жаңа қырларын ашыў мүмкин. Енди, усы бағдарларды есапқа алған ҳалда орайлардың улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде Оқыўшылардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша мектеп мәсләҳәтшиси лаўазымы енгизиледи.
Олардың тийкарғы ўазыйпалары улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде “Президенттиң қәбилетли перзентлери” миллий бағдарламасының мазмунын жарытыў, онда нәзерде тутылған идеялар менен мақсетлерди оқыўшылар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша системалы жумысларды жолға қойыў, улыўма билим бериў шөлкемлеринде “Келешек” орайлары тармақ дөгереклериниң жумысын системалы шөлкемлестириўден ибарат.

Сондай-ақ, мәсләҳәтшилер оқыўшылардағы коммуникативлик ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилетин беккемлеў, оларда медиа ҳәм санлы саўатлылықты қәлиплестириўге жәрдемлеседи.
Мектеп мәсләҳәтшисиниң лаўазымлық мийнет ҳақысы улыўма орта билимлендириў шөлкеми директоры орынбасарының лаўазымлық мийнет ҳақысына теңлестириледи, менеджерлик сертификатына ийе болған мектеп мәсләҳәтшилерине 2026-жыл 1-сентябрьден баслап сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында лаўазымлық мийнет ҳақысына тийислисинше ҳәр айда 30 процент муғдарында қосымша үстемелер төленеди. Онда 10 мың 146 мектепте биреўден мәсләҳәтши жумыс алып барады.
Мектеплердеги қәбилетли оқыўшылардың талантын жүзеге шығарыў, олардың қәбилетин раўажландырыў, дөгерек ҳәм клубларға тартыў бойынша “Мектеп мәсләҳәтшиси” лаўазымы енгизилип атырғаны да мәселеге үлкен шешим болатуғыны тәбийғый. Үзликсиз билимлендириў системасындағы руўхый-ағартыўшылық бағдардағы бул өзгерислер, оқыўшы-жасларды миллий қәдириятларға садық, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда, әлбетте, өз нәтийжесин береди.
Дилдора ДЎСМАТОВА.
ӨзА