ТМШ регионында қәўиплерди басқарыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды

2025-жылдың 6-8-сентябрь күнлери Қазақстанның Түркстан қаласы Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер бажыхана хызмети басшыларының ХI ушырасыўына басшылық етти. Илажда Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов та қатнасты.
Сондай-ақ, абырайлы әнжуманда Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Бас хаткери Қувончбек Омуралиев, Түркия, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан бажыхана хызметиниң басшылары ҳәм Венгрия бажыхана ҳәкимшилигиниң ўәкили қатнасты.
Усы жылдың январь айында Бакуде болып өткен ушырасыўда ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған ҳүжжетлердиң орынланыўы талланды. Соның ишинде, шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында ўәкилликли экономикалық операторларды өз-ара тән алыў, оның ушын миллий системаларды өз-ара интеграциялаў арқалы бирден-бир бағдарлама ислеп шығыў мәселесиниң ҳәзирги жағдайы талланды.

Жумысқа “Бир айна” ҳәм “Бир бәндирги” сыяқлы илажларды енгизиў арқалы шегара өткериў пунктлеринде тоқтаўлар санын азайтыў, рәсмийлестириўге жумсалатуғын ўақытты қысқартыў, соңында саўда ҳәм тасыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў имканиятлары талланды. Сондай-ақ, транзит тасыўларында электрон пломбалар ҳәм заманагөй бақлаў технологияларын кеңнен енгизиў мәселеси де додалаўлар орайында болды.
Ушырасыўда тийкарғы итибар 2022-жылы Самарқандта қол қойылған Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында “Әпиўайыластырылған бажыхана коридоры ҳаққында”ғы Келисимди әмелиятқа енгизиўге қаратылды.

Өзбекстан бажыхана хызметиниң басшысы бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жеделлестириў, атап айтқанда, усы жылдың октябрь айына шекем “Әпиўайыластырылған бажыхана коридоры ҳаққында”ғы Келисимниң техникалық жумысларын жуўмақлап, тәжирийбе тәризинде иске қосыў зәрүр екенлигин атап өтти.
ТМШ регионында “E-Tir” тәртибин енгизиў бойынша Ҳәрекетлер режесиниң орынланыўы көрип шығылып, бул бағдарда да Бажыхана комитетиниң баслығы шөлкем шеңберинде бирден-бир қатнас жасаўға зәрүрлик күшли екенин атап өтти.
Бүгинги күнде ТИР Конвенциясының 2021-жыл май айынан күшке кирген электрон тәртиби – “E-Tir” халықаралық системасы дүньяның 80 ге шамалас мәмлекетлеринде әмелде қолланылмақта.
ТМШ аймағында бирден-бир транзит тармағын қәлиплестириўде де “E-Tir” тәртибин енгизиў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, бул тәртип бажыхана рәсмийлестириўи ўақтын қысқартыўдан транспорт қәрежетлерин азайтыўға шекемги бир қатар абзаллықларға ийе. Мәселен, ҳәзирги ўақытта бир дана ХЙТ китапшасын басып шығарыў, сақлаў ҳәм пайдаланыў ушын орташа 5 АҚШ доллары жумсалады. Шөлкемге ағза мәмлекетлерде болса жылына миллионлаған ХЙТ китабы елеге шекем қағаз түринде қолланылмақта.
Сонлықтан, Өзбекстан тәрепи Европа Экономикалық Комиссиясы ҳәм БМШтың Автомобиль транспорты халықаралық аўқамы менен биргеликте бул мәселеде ушырасыў шөлкемлестириў басламасын алға қойды. Бул басламалар қоллап-қуўатланып, жуўмағында ТМШ регионында “E-Tir” тәртибинен пайдаланыў бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етилди.
Түркстан ушырасыўының жуўмағында ТМШ регионында Қәўиплерди басқарыў тараўында бирге ислесиў ҳаққында ҳәм бажыхана Лабораториялары тараўында бирге ислесиў ҳаққында Түсинисиў меморандумларына қол қойылды.
ТМШға ағза мәмлекетлер бажыхана хызмети басшыларының Түркстан қаласында болып өткен ушырасыўы шеңберинде Бажыхана комитетиниң баслығы А.Мавлонов Әзербайжан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы Ш.Багиров пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында өз-ара саўда айланысы усы жылдың 7 айында дерлик 135 млн. АҚШ долларын қурады ҳәм бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 21 процентке артқан.
Бар имканиятлардан келип шыққан ҳалда, бул санлар еле жетерли емес. Еки мәмлекеттиң сыртқы саўда қатнасыўшыларын өз-ара қоллап-қуўатлаў бажыхана тараўындағы бирге ислесиўди де буннан былай да күшейтиўди талап етеди.
Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында бажыхана тараўындағы бирге ислесиўдиң тийкарын 2 ҳүкиметлераралық ҳәм 8 уйымлараралық келисимлер қурайды.
Бул ҳүжжетлерди турмысқа кеңнен енгизиў, соның ишинде, өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин толық қамтып алыў мақсетинде тәреплер 2025-2026-жылларда өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа режесин көрип шықты ҳәм қол қойды.
Өзбекстанның “Сырдәрья” ҳәм Қазақстанның “Атамекен” бажыхана постлары арасында жаңа көпир қурылысы ҳәм “Сырдәрья” бажыхана постын реконструкциялаў бойынша жойбаралды ҳүжжетлери бойынша пикир алысылды.
Ш.Маматуропова,
ӨзА