Уллы тарийхшы алым, елин сүйген азамат еди

135

10-сентябрь Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты, Орайлық Азияның белгили тарийхшыларының бири, елимиз  илиминиң раўажланыўына салмақлы үлес қосқан, Өзбекстан Илимлер Академиясының академиги, тарийх илимлериниң докторы, профессор Сабыр Камалович Камаловтың туўылған күни. Бүгин бул уллы инсан тири болғанында өзиниң 101 жасын қарсы алған болар еди.

С.Камалов 1948-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх факультетин, 1951-жылы Москвада «Тарийх ҳәм этнография» қәнигелиги бойынша аспирантураны питкереди. 1957-1961-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, 1961-1996 жылларда Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими Президиумының баслығы, 1996-жылдан баслап өмириниң ақырына шекем ӨзРИА Қарақалпақстан бөлими Президиумының мәсләҳәтшиси болып иследи.

Ол 1953-жылы «Қарақалпақлар Россияға қосылғанға шекем Хийўа ханлығының қурамында (1800-1873)» атлы темада кандидатлық, 1969-жылы «Қарақалпақлар XVIII-XIX әсирлерде (Россия ҳәм Орта Азияның басқа ханлықлары менен қатнасықлары тарийхына)» темасында докторлық диссертацияларын жақлады. 1974-жылы Сабыр Камаловқа профессор атағы берилди ҳәм сол жылы Өзбекстан Илимлер Академиясының хабаршы-ағзасы, ал 1979-жылы болса ҳақыйқый ағзасы етип сайланады.

С.Камалов жәмийетлик жумысларда да белсендилик көрсетип, 1961-1965 жыллары Қарақалпақстан «Билим» жәмийетиниң баслығы, 1961-жылдан 1996-жылға шекем «Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан Бөлиминиң Хабаршысы» илимий журналының бас редакторы болды. 1994-жылы С.Камаловтың тиккелей қатнасыўында ӨзРИА Қарақалпақстан Бөлими Тарийх, археология ҳәм этнография институты жанында тарийх илимлеринен кандидатлық диссертацияларды жақлаў бойынша Қарақалпақстанда биринши Қәнигелестирилген Кеңес ашылып, өзи бул Кеңеске басшылық етти.

Академик С.Камаловтың жәриялаған мийнетлериниң тематикасы ҳәр қыйлы. С.Камалов қарақалпақ халқының тарийхы, этногенези, бүгинги күнниң тарийхый процесслеринде жәмийетимиздиң раўажланыўына байланыслы мәселелерге арналған кең көлемли шығармалар жатады. Оның мийнетлериниң дизиминен 450 ге шамалас илимий, илимий-көпшилик ҳәм оқыў-методикалық жумыслары, монографиялары, китаплары, брошюралары, сондай-ақ, топламлардағы бап ҳәм бөлим-параграфлар, республикалық газета ҳәм журналлардағы мақалалары орын алған. Солардан ғәрезсизлик жыллары «Қарақалпақстан тарийхы» (Нөкис, 1993), «Қарақалпақлар XVI-XVIII әсирдиң екинши ярымында» («Өзбекстан тарийхы», Ташкент, 1993, III-т., 281-316 б.), «Төрткүл – Қарақалпақстанның биринши пайтахты» (Нөкис, 1993), «Ерназар Алакөз – халық батыры» (Нөкис, 1993), «Вамбери қарақалпақлар туўралы» (Нөкис, 1995), «Халқы ушын шейит өлген батырым» (Нөкис, 1997), «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлигиниң тарийхынан» (Нөкис, 2001), авторлар топары қурамында көп томлық «Өзбекстан тарийхы» китабын жазыўға қатнасты.

Алымның «Қарақалпақлардың халық болып қәлиплесиўи ҳәм оның мәмлекетлигиниң тарийхынан» (Нөкис, 2001) мийнети әҳмийетли илимий жумыс саналады. Себеби, онда автор кең жәмийетшиликке түсиникли түрде қарақалпақлардың келип шығыўы мәселеси, көп әсирлер даўамында қарақалпақлардың мәмлекетшилигиниң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў басқышлары ҳаққында сөз еткен. 2002-жылы бул мийнети ушын ол Қарақалпақстан Республикасының илим ҳәм техника бойынша берилетуғын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығын алды.

Сондай-ақ, Академик С.Камаловтың тиккелей қатнасыўында 1977-жылы биринши мәрте орта мектеплер ушын Қарақалпақстан тарийхынан бағдарлама жазылды ҳәм сол ўақыттан баслап республика мектеплеринде Қарақалпақстан тарийхы пән сыпатында өтиле баслайды. С.Камаловтың авторлығындағы Қарақалпақстан тарийхы бойынша кейинги сабақлықлар 1993, 1995, 2002 ҳәм оннан соңғы жылларда баспадан шығып киятыр.

Сабыр Камаловтың халықаралық Германия (Берлин), Австрия (Вена), Финляндия (Хельсинки), Түркия (Анкара), Россия (Москва, Оренбург), Украина (Киев), Түркменстан (Ашхабад), Қазақстан (Алматы) ҳәм басқа еллерде жасаған илимий баянатлары сырт ел баспаларында жәрияланды ҳәм оның исми дүнья жүзиниң жетекши илимий жәмәәтлери арасында кеңнен белгили.

Ол басқарған дәўир ишинде ӨзРИАның, кейин ала Бөлимге айналған Қарақалпақстан филиалы (1961-1996 жж.) Қарақалпақстанда илимниң ҳәм илимий кадрларды таярлаўдың нағыз орайына айланды.

Академик С.Камалов тек тарийхшы ғана емес. Туўған жериниң нағыз перзенти, халқының дәртлерин жүрек төринен қабыллаған ол Арал апатшылығына, Ана тәбиятқа байланыслы машқалаларды шешиўге бийпарық қарап отырмады. Тәбияттың жыршысы, қоршаған орталықтың тазалығы ушын гүресиўшиси болды. Көп ғана регионаллық ҳәм халықаралық форум ҳәм әнжуманларда, республикалық ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында дүнья жәмийетшилигин Орайлық Азияның уникал объекти болған Арал теңизин сақлап қалыў ҳәм қорғаўға шақырды.

Қарақалпақстан илими ушын Сабыр Камалов мисли үлкен байтерек. Ол Қарақалпақстан тарийхшылары мектебин дөретип, академиктиң басшылығында 20 дан аслам тарийхшы илим кандидатлары ҳәм докторлары жетилисип шықты.

Сабыр Камаловтың елимиз илими ушын ислеген пидәкерлик хызметлери инабатқа алынып, 1994-жылы «Жасорат» ҳәм «Шуҳрат» медальлары, 2003-жылы «Эл юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықлады.  2002-жылы илим ҳәм техника тараўы бойынша Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты болды.

Академик С.Камаловтың өмири ҳәм турмысы, хызметлери тек илим интеллигенциясы ушын өрнек болып қалмастан, жас әўладты елге садықлық ҳәм муҳаббат, билимге қуштарлық руўхында тәрбиялаўда үлги болып қалады.

Асқар Джумашев,

ӨзРИАҚБ Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты

Тарийх бөлиминиң баслығы, тарийх илимлериниң докторы, профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги