МОБ: медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақылары өндирип берилди

133

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары менен мәплери нызамлы түрде қорғалып келинбекте. Конституциямызда ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдалатлы мийнет шараятларында ислеў, мийнетине жараса мийнет ҳақы алыў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе екенлиги айрықша атап өтилген.

Бирақ, мийнет қатнасықларында жумыс бериўши тәрепинен хызметкер ислеген дәўири ушын мийнет ҳақы надурыс есапланыўы ямаса улыўма мийнет ҳақы өз ўақтында төленбеўи жағдайлары жийи ушырасып турады.

Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўын өз ўақтында тәмийинлеў, әсиресе, пуқаралардың бузылған ҳуқықларын тиклеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Мысалы, пуқаралық ислери бойынша Нөкис ҳәм Шымбай районлараралық судларының орынлаў ҳүжжетлерине тийкарланып, Республика қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалынан 3 пуқараның пайдасына жәми 161 миллион 116 мың сумлық мийнет ҳақысын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлери бойынша Бюроның Нөкис қалалық бөлими тәрепинен орынлаў ҳәрекетлери алып барылды.

Мәжбүрий орынлаў бюросы мәлимлеме хызметиниң мағлыўмат бериўинше, усы орынлаў ҳүжжети дәрҳал орынланыўы зәрүрлиги себепли алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында мийнет ҳақылары толық өндирилиўи тәмийинленип, 3 пуқараның ҳуқықлары тиклениўине ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги