Комбайн механизаторлары ушын оқыў-семинарлары шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтында пахта териў машиналарын басқарыў бойынша оқыў-семинарлары шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басшылығында, «Узагролизинг» АЖ Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты шөлкемлестириўинде өткерилген илажда Түркия мәмлекетинен «Cansa», АҚШ тан «John Deere», Қытай мәмлекетинен «Boshiran», «FM World» компанияларының жуўапкерлери ҳәм жергиликли қәнигелер механизаторлардың заманагөй пахта териў машиналарын басқарыў көнликпесин қәлиплестирип, жаңа технологияларды енгизиўдиң әҳмийети, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыў бойынша зәрүр усыныслар берилди.
Пахта жыйын-терими процесин жедел ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў, қол мийнетин азайтыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-февральдағы тийисли қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасына быйылғы жылы 60 дана заманагөй пахта териў машиналары жеткерип берилиўи режелестирилген. Соннан, ҳәзирги күнде Республикамызға 43 дана пахта териў машиналары Қытай, АҚШ ҳәм Түркия мәмлекетлеринен алып келинди.
Усы мүнәсибет пенен 5-10-сентябрь күнлери аралығында семинарлар шөлкемлестирилип, оған фермер хожалықларының басшылары, комбайн операторлары ҳәм механизаторлар қамтып алынды.
Атап айтқанда, усы жылдың 5-8-сентябрь күнлери Boshiran, FM World, Cansa, John Deere ҳәм басқа да сырт ел компанияларының жуўапкерлеринен ибарат қәнигелер атыз шараятында пахта териў машиналарын басқарыў бойынша әмелий оқыў-семинарларын шөлкемлестирди.
Семинарда Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты «Аўыл хожалығын механизацияластырыў» кафедрасынан доцент Е.Қ.Султанов, доцент Б.У.Нурабаев, т.и.ф.д. (PhD) С.Е.Турсымуратов ҳәм т.и.ф.д. (PhD) А.С.Балтаниязовлар ҳәм ислеп шығарыўшы кәрхана қәнигелери өзлериниң теориялық және әмелий көнликпелери ҳаққында қатнасыўшы операторларға кеңнен түсиник берип өтти.

Бул илажлар аўыл хожалығында механизация процесслерин жеделлестириўге, зүрәәтлиликти ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етери сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги