“Rich milk” ҳәм “Elegato” бренди өнимлери қарыйдарлардың кеўлинен шықпақта

123

Президентимиздиң  исбилерменлердиң  жумысларын қоллап-қуўатлаўы тийкарында    енгизилип атырған реформалар нәтийжесинде бүгин өз бизнесин жолға қойып  шаңарағы, мәҳәллеси, ел-журттың абаданлығына мүнәсип үлес қосып атырған исбилерменлердиң қатары барған сайын кеңеймекте.

Әсиресе, Президентимиздиң 2023-жыл 8-августта «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлер ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» ғы пәрманының қабыл етилиўи республикамызда исбилерменлер ушын   үлкен имканиятлардың тийкары  болды. Усы пәрман тийкарында орынларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер өз жумысын жолға қойыўы менен бирге мол дәрамат таўып,  халыққа хызмет етпекте

Усындай имканиятлардан орынлы пайдаланып атырған исбилерменлер қатарында хожелиши Г.Матмуратов  2021-жылы  “Farms Gafur Gulam” ЖШЖ сүт өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрхананы иске түсирди. Жумыс баслаған ўақытта 20 дан аслам жумысшы менен өз кәрхананың жумысын баслаған исбилермен, халыққа  “Rich milk” ҳәм “Elegato” атлы 15 түрдеги сүт өнимлерин сапалы етип таярлап, арзан баҳаларда жеткерип бериўи  нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта 60 тан аслам пуқараны жумыс пенен тәмийинлеўге еристи. Демек, исбилерменлерге берилген жеңилликлер олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы баслы мақсетлерди әмелге асырыўы менен әҳмийетли болмақта.

-Кәрханамыздың бир күнлик жумыс көлеми төрт тоннадан аслам болып, тийкарынан он бестен аслам  сүт, қатық, қаймақ, творог, йогурт, сүзбе ҳәм басқа да өнимлерди ислеп шығарып,  республикамыздың барлық орынларына шәртнама тийкарында жеткерип берип атырмыз. Қарыйдарлардың өнимлеримизге болған талабы жақсы. Алдағы ўақытларда өнимлеримиздиң көлемин және де арттырып,  ўәлаятларға да жеткерип бериў нийетиндемиз.   Президентимиздиң исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде жумысларымыздың раўажланып атырғанлығынан қуўанышлымыз ҳәм журтбасшымыздан миннетдармыз,-дейди “Farms Gafur Gulam” ЖШЖ баслығының орынбасары Орынбасар Айгалиев.

Кәрханада жеделлик пенен алып барылып атырған жумыслар ҳәм өнимлердиң қарыйдарлардың кеўлинен шығыўы  исбилерменлерге берилген жеңилликлер,  олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў,  раўажландырыў,  жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы баслы мақсетлерди әмелге асырыўда әҳмийетли болмақта.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги