Футболшыларымыз Азия кубогине шықты

163

Қырғыз Республикасының Бишкек қаласында өткерилген 23 жасқа шекемги жаслар арасында футбол бойынша Азия кубоги-2026 турнирине таңлап алыў басқышында Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Турнирдиң бул басқышында сайланды командамыз ағзалары Шри-Ланканы 4:0, Палестинаны 2:1 есабында жеңген болса, Қырғыз Республикасы сайланды командасы менен 2:2 ойнаўға еристи.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул жарыста қарақалпақстанлы Муҳаммедалий Реймов ҳәм Самандар Муратбаевлар қатнасып, командамыздың жеңисине өзлериниң үлеслерин қосты.

Азия кубоги -2026 турнири Саудия Арабстанында болып өтеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы