Жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте инженерлик билимлендириў бағдарламасы енгизиледи

Мәмлекетимизде инженерлик тараўында кадрлардың жетиспеўшилигиниң бар екенлиги ҳәзирги күнде усы бағдарға байланыслы билимлендириў системасын раўажландырыўды талап етпекте. Мәмлекетте жаңа әўлад инженер кадрларын таярлаў, инженерлик мектеплери тармағын шөлкемлестириў машқалаларды шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Усы мәнисте, ҳәзирги ўақытта улыўма билим бериў шөлкемлери оқыўшыларын инженерлик тараўына қызықтырыў, олардың инженерликке байланыслы басламаларын қоллап-қуўатлаў, саламат бәсеки орталығын жаратыў ҳәм ең жақсы нәтийжелерге ерискен улыўма билим бериў мектеплерин хошаметлеў системасы жоқ екенлигин айтыў керек.
Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбеси тийкарында инженерлик мектеплери шөлкемлестирилмекте.
Бул мектеплерге оқыўшыларды таңлап алыў ҳәм қабыл етиў агентлик системасындағы қәнигелестирилген мектеплер ушын белгиленген тәртип тийкарында әмелге асырылады. Онда бир класста оқыўшылардың саны 24 тен аспаўы есапқа алынады. Инженерлик мектеплеринде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан оқытылатуғын оқыўшылардың улыўма шекленген саны 240 етип белгиленеди.

Инженерлик мектеплеринде “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбеси тийкарында инженер кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў шөлкемлери менен интеграцияласқан инженерлик билимлендириў бағдарламасы енгизиледи. Бул мектеплер 14 аймақта шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, Термиз инженерлик ҳәм агротехнологиялар институты, Әндижан мәмлекетлик техника институты, Қаршы мәмлекетлик техника университети, Нөкис мәмлекетлик техника университети, Наманган мәмлекетлик техника университети, Бухара мәмлекетлик техника университети ҳәм Ферғана мәмлекетлик техника университетлери трансформацияланады.
Ташкент қаласында М.Е.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университетиниң филиалы, “TashTech” Техника университети ҳәм Алмалық мәмлекетлик техника институты жаңадан шөлкемлестириледи.
Оқыў процеси 5 жыллық бағдарлама тийкарында STEM модели бойынша шөлкемлестириледи ҳәм дәслепки 3 жылда физика, математика ҳәм шет тили пәнлерине, кейинги 2 жылда инженерлик пәнлерине басланғыш таярлыққа итибар қаратылады.
Белгиленген талапларды орынлаған инженерлик мектеплериниң питкериўшилерине инженерлик билимлендириў бағдарламасы бойынша тийисли билимлендириў бағдарында бир жыллық қосымша мәмлекетлик грант тийкарында 2-курстан тест сынақларысыз ҳәм қосымша имтиханларсыз оқыўды даўам еттириў ҳуқықы бериледи.
2026-жыл 1-январьдан баслап ҳәр жылы улыўма билим бериў мектеплери арасында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын “Алдынғы инженерлик мектеби” миллий таңлаўы өткериледи. Таңлаўдың тийкарғы мақсети улыўма билим бериў мектеплери арасында STEM пәнлерин оқытыўда бәсеки ҳәм жаңалыққа умтылыў орталығын жаратыў, улыўма билим бериў мектеплеринде STEM пәнлери бойынша билимлендириў процесиниң нәтийжелилиги ҳәм сапасын арттырыўға жәрдемлесиў, педагог-оқытыўшылардың STEM пәнлерин оқытыўға болған қызығыўшылығын ҳәм умтылысын күшейтиўден ибарат.
Таңлаўдың республикалық басқышы жеңимпазлары ушын сырт мәмлекетлерге билимлендириў сапарын шөлкемлестириў, республикалық басқышта 1-орынды ийелеген улыўма билим бериў мектебине мәмлекетлик бюджет есабынан инженерликке байланыслы лабораториялар топламын өз ишине алған “Инновациялық технопарк” шөлкемлестириў ушын 1 миллиард сум муғдарында қаржы ажыратыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Республикалық басқышта 1-орынды қолға киргизген оқытыўшы ҳәм оқыўшылар 460 миллион сумға шекем ақшалай сыйлыққа ийе болыўы нәзерде тутылған. Бул баслама 30 мыңнан аслам устаз ҳәм 152 мыңнан аслам оқыўшыны қамтып алады. Инженерлик мектеплериниң жумысын жетилистириў Өзбекстанның раўажланыўына үлес қосады. Бириншиден, “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеп тәжирийбесине тийкарланған инженерлик мектеплери STEM модели тийкарында жоқары маманлықтағы инженер кадрлар таярлайды.
Бул мектеплер 14 аймақта шөлкемлестирилип, физика, математика ҳәм шет тиллерине итибар қаратылған 5 жыллық билимлендириў бағдарламасы арқалы жасларды заманагөй технологиялық талапларға муўапық таярлайды.
Питкериўшилерге тест ҳәм имтиханларсыз жоқары билимлендириўде оқыўды даўам еттириў имканиятының берилиўи жумыс пенен тәмийинлениўди арттырады ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын күшейтеди.
Буннан тысқары, Термиз, Әндижан, Қаршы, Нөкис, Наманган, Бухара ҳәм Ферғанадағы техника университетлериниң трансформацияланыўы, сондай-ақ, Ташкентте М.Е.Бауман университетиниң филиалы ҳәм “TashTech” сыяқлы жаңа институтлардың шөлкемлестирилиўи регионаллық раўажланыў ҳәм халықаралық билимлендириў стандартларын енгизиўге хызмет етеди.
Екиншиден, “Алдынғы инженерлик мектеби” миллий таңлаўы арқалы STEM пәнлери бойынша бәсеки ҳәм инновациялық орталық жаратылады. 2026-жылдан баслап өткерилетуғын бул таңлаў билимлендириўдиң сапасын арттырыў, педагоглардың маманлығын жетилистириў ҳәм оқыўшылардың илимий-техникалық тараўға қызығыўшылығын күшейтиўге хызмет етеди.
Нәтийжеде алдыңғы технологиялар ҳәм илимий-изертлеў жумысын раўажландырыў арқалы Өзбекстанның экономикалық, социаллық ҳәм интеллектуаллық потенциалы артады, бул болса мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўына беккем тийкар жаратады.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы