Жаслар тәрбиясы – дәўир талабы

99

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жаслардың дүньяға деген көзқарасын кеңейтиў, оларды бузғыншы идеялардан қорғаў, ҳуқықый санасы ҳәм руўхый байлығын арттырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети менен биргеликте «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық пенен гүрес!» ҳәм «Инсан қәдири ҳәм ҳуқықларының үстинлиги – раўажланыў тийкары» атамаларында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Илажды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров басқарып барды.

Ушырасыўға Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының бас қәнигеси Нурулла Жамалов, Республикалық үгит-нәсиятшылар топарының ағзасы, доцент Қабыл Мәмбетов, институтқа быйылғы оқыў жылында 1-курсқа оқыўға усыныс етилген студентлер, жаслар тәрбиясына жуўапкер қәнигелер қатнасты.

Илаж даўамында тараў қәнигелери ҳәзирги ўақытта жаслардың санасына ҳәр қыйлы зыянлы ағымлар ҳәм жалған идеялар тәсир өткериўге ҳәрекет етип атырғаны, бундай қәўиплерге қарсы тек ғана илим, ағартыўшылық ҳәм саламат көзқарас пенен гүресиў мүмкинлигин атап өтти. Сондай-ақ, студентлерге инсан ҳуқықлары ҳәм қәдириятларының үстинлиги жәмийеттиң раўажланыўы және турақлылығы ушын әҳмийетли тийкар екенлиги ҳаққында толық түсиниклер берилди.



Ушырасыў соңында студентлер атап өтилген мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Өткерилген бул илаж жаслардың санасын саламат идеялар менен байытыў, оларды ана-Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларға ҳүрмет ҳәм жоқары ҳуқықый мәденият руўхында тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги