Финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў темасында медиа-сөйлесиў

Мәмлекетимизде халықтың қаржы саўатлылығын арттырыў ҳәм олардың пайдаланыўшы сыпатындағы ҳуқықларын қорғаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Усы жыл 9-сентябрь күни Орайлық банк тәрепинен финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформаларға бағышланған медиа-сөйлесиў өткерилди.
Орайлық банк 2025-жылдан баслап қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм тутыныўшылардың машқалаларын минималластырыў мақсетинде финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында қадағалаў ҳәм тәртипке салыў системасын реформалаў бойынша жаңа стратегиялық бағдарларды белгилеп келмекте.
” Финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў концепциясы”ның мақсети Орайлық банкте финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў системасын реформалаў моделине көзқарасты қәлиплестириўден ибарат.
Бул концепция төмендегилерди белгилейди:
– Финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында Орайлық банк сиясаты тийкарында белгиленген тутыныўшылар пайдасына күтилип атырган нәтийжелер;
– Тутыныўшының пайдасын гөзлеп нәтийжелерге ерисиў мақсетинде финанслық хызметлер көрсетиўшилер тәрепинен әмелге асырылған жумыс;
– Финанслық хызметлерди жеткерип бериўшилердиң жуўапкершиликли жумыс алып барыўын тәмийинлеўге қаратылған Орайлық банктиң финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаў сиясаты;
– Орайлық банк сиясаты қалайынша тутыныўшы ушын нәтийжелерге ерисиўге алып келиўин түсиндиретуғын сиясат ҳәм нәтийжелер арасындағы логикалық байланыс.
Концепцияда Орайлық банктиң финанслық хызметлерден пайдаланыўшылардың ҳуқықларын қорғаўдың алдынғы сырт ел тәжирийбесине сәйкес келетуғын ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиўге бағдарланған нәтийжели системасын қәлиплестириўге қаратылған тәртипке салыў ҳәм қадағалаў тараўындағы жумысының тийкарғы бағдарлары алға қойылды.
Медиа-сөйлесиў жуўмағында журналист ҳәм блогерлер тема бойынша өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды ҳәм өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
ӨзА