Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде талап етилетуғын ҳүжжетлер саны қысқартылады

Мәмлекетимиз басшысының “Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын жетилистириў ҳәм тараўда бюрократиялық тәртип-қағыйдаларды пүткиллей қысқартыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, 2028-жылға шекем БИМХП (my.gov.uz) ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы көрсетилетуғын хызметлер саны 900 ге жеткериледи. Проактив мәмлекетлик хызметлер саны 53 ке ҳәм композит мәмлекетлик хызметлер 74 ке жеткериледи.
Пәрманға бола, 2025-жыл 1-декабрьден баслап уйымлараралық мәлимлеме алмасыўын жолға қойыў арқалы некени рәсмийлестириўде ПҲАЖ уйымлары тәрепинен некелениўши шахслардан медициналық тексериў нәтийжелерин усыныў талабы, некеден суд қарары тийкарында ажыратылғанда некеден ажырасқанлық ҳаққындағы акт жазыўын қәлиплестириў ушын ПҲАЖ уйымлары тәрепинен суд қарарының талап етилиўи, автомототранспорт қуралының дизимнен өткериў гүўалығында автомототранспорт қуралы ийесиниң мәнзилин көрсетиў талабы бийкар етиледи. БИМХПдағы шахсқа тийисли мағлыўматлар олардың қағаз түрине теңлестириледи.
2025-жыл 1-ноябрьден Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында (Бирден-бир портал) физикалық тәреплердиң белгиленген шахсқа тийисли мағлыўматлары олардың жеке кабинети арқалы реал ўақыт режиминде усынылады. Онда, физикалық шахстың Бирден-бир порталдағы шахсқа байланыслы мағлыўматлары олардың қағаз түрине теңлестириледи. Бул мағлыўматлар Бирден-бир порталдың мобиль қосымшасынан пайдаланған ҳалда көрсетилгенде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен усы мағлыўматлардың қағаз формасын талап етиў қадаған етиледи.
2025-жыл 1-ноябрьден мәмлекетлик хызметлер орайларына келип мүрәжат еткенде, пенсионер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм 3 жасқа толмаған баласы менен келген пуқараға мәмлекетлик хызметлерден гезексиз пайдаланыў бойынша жеңиллик бериледи. Физикалық тәреплерди бирден-бир идентификация системасынан (OneID) дизимнен өткериўде альтернатив тәризде шахсты биометрикалық идентификациялаў (Face ID) тәртиби жолға қойылады. Мәмлекетлик хызметлер орайларына Бирден-бир портал арқалы енгизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша халық ҳәм исбилерменлерге хызмет көрсетиў ҳуқықы бериледи.
2026-жыл 1-январьдан “Vakolat.uz” платформасы иске қосылады. Онда мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ҳәм мәмлекетлик хызмет нәтийжелерин алыў бойынша басқа шахсларға исеним хатларды рәсмийлестириў, юридикалық шахслар тәрепинен рәсмийлестирилген исеним хатларды ықтыярлы дизимнен өткериў, барлық түрдеги исеним хатлардың ҳақыйқыйлығын онлайн режимде тексериў имканияты жаратылады. “Vakolat.uz” платформасынан бийпул тийкарда пайдаланыў жолға қойылады.
2026-жыл 1-январьдан Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестри Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылатуғын “Мәмлекетлик хызметлер” автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасында жүргизиледи.
Онда, ҳәр бир мәмлекетлик хызмет бойынша оның санлы паспорты қәлиплестириледи ҳәм ҳәр бир мәмлекетлик хызметти Мәмлекетлик хызметлердиң бирден-бир реестрине киргизиў нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында әмелге асырылады.
Н.Абдураимова,
ӨзА