Коммуналлық тараўдағы қаржылар толық өзлестирилмегени гүзги-қысқы мәўсимге таярлыққа тәсир етпей ме?

100

Төменги палата мәжилисинде ярым жыллық бюджеттиң орынланыўы бойынша есабат додалаўларында “Басламалы бюджет” процесслерине де тоқтап өтилди.

Мәлим етилгениндей, “Басламалы бюджет” жойбарының биринши мәўсими шеңберинде 23 мың жойбар усыныс етилген. Оған 10 млн.ға шамалас пуқара қатнасты.

Мәўсим жуўмағына бола, улыўма баҳасы 3,3 триллион сумлық 2 мың 419 жойбар жеңимпаз деп табылды. Бул 2011 мәҳәллеге туўра келди. 813 мәҳәлле еки мәўсимде избе-из жеңимпаз болғаны себепли кейинги мәўсимде оларға тәнепис жәрияланып, усы екинши мәўсимде қатнасыў имканияты шекленди. Нәтийжеде 2-мәўсим даўамында алдын бир мәрте де жеңимпаз болмаған 408ге шамалас мәҳәлле биринши мәрте жеңимпаз болды.

Нәтийжеде аймақлардағы ишки жолларды, мектеп ҳәм медицина шөлкемлерин оңлаў ҳәм үскенелеў, мәҳәллелерди абаданластырыў сыяқлы жойбарларға қаржылар қаратылғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, министр Президенттиң тийисли қарары менен халық ўәкиллериниң басламалы бюджет процесиндеги қатнасы кеңейтилгени, олардың усынысы менен жеңимпаз болмаған жойбарлар қаржыландырып берилетуғынына тоқтап өтти. Бул депутатлардың орынлардағы машқалаларды шешиўдеги қатнасын кеңейтиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Соның менен бирге, есабатта мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң орынланыўы бойынша да мағлыўматлар берилди.

Додалаўларда депутатлар ерисилген унамлы нәтийжелер менен бир қатарда айырым қәте-кемшиликлерге жол қойылғанына итибар қаратып, бир қатар сораўларды ортаға таслады.

Атап айтқанда, депутат Атҳамжон Назирқулов қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларын тәмийинлеў мақсетлерине ажыратылған бюджет қаржыларының тек ғана 22 проценти жумсалғанын атап өтип, қаржылардың өз ўақтында жумсалмағанының себеби менен қызықты. Сондай-ақ, бул гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумысларына тәсир етпей ме, деген сораўды берди.

Оған жуўап ретинде Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министриниң орынбасары ыссылық тәмийнаты тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў ушын бюджеттен 28 млрд. сум ажыратылған. Оның есабынан 53 қазан ҳәм ыссылық тәмийнаты системаларының оңланыўы нәзерде тутылған. Бүгинги күнде 31 қазан толық оңланғанын, 1-октябрьде гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумыслары толық жуўмақланатуғынын мәлим етти.

Муҳтарама Комилова, ӨзА