Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан жетекши таллаў орайлары Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды

103

Орайлық Азия халықаралық институты (ОАХИ) ҳәм Ҳиндстан халықаралық қатнасықлар кеңеси (Indian Council of World Affairs – ICWA)  арасында Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойыў бойынша онлайн илаж болып өтти, деп хабар береди “Дунё” МА.

Меморандумға ОАХИ директоры Жавлон Ваҳобов ҳәм ICWA бас директоры ўазыйпасын атқарыўшы Нутан Капур Махавар тәрепинен қол қойылды. Илажға Өзбекстанның Делидеги ҳәм Ҳиндстанның Ташкенттеги елшиханаларының ўәкиллери қатнасты.

Бул ҳүжжет тәреплер арасында илимий бирге ислесиўди беккемлеў, биргеликтеги изертлеўлер, аналитикалық жумыс, илимий-әмелий семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлерин өткериўди нәзерде тутады. Бул баслама Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы еки тәреплеме қатнасықлар, атап айтқанда, халықаралық мәселелер бойынша илимий-аналитикалық байланысларды тереңлестириўге хызмет етеди.

Тәреплер меморандум Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы экспертлер дәрежесиндеги сөйлесиўди кеңейтиў ҳәм институционаллық байланысларды беккемлеўде әҳмийетли қәдем екенин атап өтти.

Ҳиндстанлы экспертлер Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен әмелге асырылып атырған прагматикалық, избе-из ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған регионаллық сиясат Орайлық Азияны тынышлық, турақлылық ҳәм жақсы қоңсышылық мәканы сыпатында қәлиплестириўге хызмет етип атырған әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти.

Ҳиндстан халықаралық қатнасықлар кеңеси Өзбекстанның төртинши аналитикалық мәкемеси менен бирге ислесиўди жолға қойды. ICWA Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионаллық изертлеўлер институты, Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Сыртқы сиясий изертлеўлер ҳәм халықаралық басламалар орайы және ШБШ Халық дипломатиясы орайы менен илимий-академиялық байланысларды раўажландырып келмекте.

ICWA Ҳиндстан Сыртқы ислер министрлиги жанында жумыс алып баратуғын халықаралық қатнасықлар, геосиясат ҳәм дипломатия бағдарларында изертлеўлер алып барыўға қәнигелескен жетекши таллаў орайларынан бири болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги