Инсан қәдири ҳәм ҳуқықларының үстинлиги – раўажланыў тийкары

125

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде заманагөй жәмийетти турақлы ҳәм әдил раўажландырыўға қаратылған еки әҳмийетли тема – «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық пенен гүрес!» ҳәм «Инсан қәдири ҳәм ҳуқықларының үстинлиги – раўажланыў тийкары» бойынша илажлар өткерилди.

Ушырасыўға Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Н. Жамалов, университеттиң Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы доценти Х.Кабулов, Сиясаттаныў ҳәм руўхыйлық тийкарлары кафедрасы оқытыўшысы Г.Алимбетова ҳәм студентлер қатнасты.

Илажды университеттиң Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры С.Алаўатдинов басқарып барды.

Онда сөзге шыққанлар атап өткениндей, жаўызлық – бул илимсизлик болып, илимсиз ҳеш қашан раўажланыўға ерисип болмайды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен ислеп шығылған «Раўажланыў стратегиясы»нда белгилеп берилген жети баслы ўазыйпаның бесиншисинде усы мәселеге айрықша тоқталып, «Муқаддес ислам динимиздиң гуманистлик идеяларын үгит-нәсиятлаў, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципи тийкарында өсип киятырған жасларымызды саламат исеним руўхында тәрбиялаўға айрықша әҳмийет қаратамыз. Ҳәммемизге белгили, Өзбекстан – үлкен имканиятлар ҳәм байлықларға ийе мәмлекет. Бирақ, бизлердиң ең үлкен байлығымыз – ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар, диний конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет және аўызбиршилик болып есапланады», – деп айтып өткен еди.

-Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети – жәмийеттиң раўажланыўында илим-ағартыўшылық ҳәм инсан ҳуқықларының орны, наданлық (билим ҳәм ағартыўшылық жетиспеўшилиги, кемситиўши стереотиплер, жалған мағлыўматлар ҳәм радикал көзқараслар) пенен гүресиўдиң нәтийжели жолларын анықлаў, сондай-ақ, инсан қәдири ҳәм ҳуқықларын ҳүрмет етиў принциплерин жоқары билимлендириў орынларында ҳәм кең жәмийетшиликте тереңлестириў болып есапланады. Бул баслама мәмлекетимизде турақлы раўажланыў, социаллық ҳәм миллий қәдириятларды сақлаў ушын әҳмийетли есапланады,-дейди Дин ислери бойынша комитеттиң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Н.Жамалов.

Ҳақыйқатында да, өткен қысқа дәўир ишинде жәмийетимиздиң баслы өлшеми руўхыйлық ҳәм муқаддес динимиздиң гуманистлик идеяларын үгит-нәсиятлаў, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципи тийкарында үлкен өзгерислер әмелге асырылды.

Тилекке қарсы, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған усындай реформалар ҳәм тарийхый жаңаланыўларға, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятларға қарамастан терроризм, экстремизм ҳәм сол сыяқлы иллетлерге билип-билмей араласып қалып атырған жаслар да арамызда ушырасып турыпты.

Ҳәзирги ўақытта көз алдымызда дүньяның түрли жерлеринде жүз берип атырған экономикалық ҳәм социаллық, мәлимлеме-коммуникациялық тараўлардағы өзгерислер, ҳәр қыйлы идеологиялар соқлығысыў кескин түрге енип атырған бир жағдайда, пикирге қарсы қарсы пикир, идеяға қарсы идея, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өткерилген илажда жаслар арасында усындай бағдардағы үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикирлер билдирилди.

Сондай-ақ, илажда белсенди жаслар да сөзге шығып, жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық идеяларын жаслар арасында кең ен жайдырыў мақсетинде өзлериниң пикир-усынысларын билдирип өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги