Аўғанстан Бас министриниң орынбасары Ислам Әмирлигин тән алыўға шақырды

Аўғанстан Бас министриниң орынбасары Абдул Салом Ханафий шемби күни Қабулда болып өткен “Инвестиция тартыў ҳәм Аўғанстан энергетика секторын қоллап-қуўатлаў” темасындағы халықаралық конференцияда дүнья жәмийетшилигин аўған активлерин қайтарыў ҳәм Ислам әмирлигин тән алыўға шақырды. Бул ҳаққында жергиликли рәсмий мәлимлеме агентлиги хабар тарқатты.
– Бүгинги күнде Аўғанстан Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында буўын болыўға умтылмақта, – деп оның сөзлеринен силтеме келтирген басылым. – Дүнья жәмийетшилиги музлатылған аўған активлерин қайтарыўы ҳәм Ислам Әмирлигин тән алыўы керек.
Дүнья жумыс орынларын жаратыў ҳәм жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған экономикалық жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекетимизди қоллап-қуўатлаўы керек. Аўғанстан тең салмақлы сиясат алып барады, региондағы ҳәм басқа да барлық мәмлекетлер менен өз-ара ҳүрметке тийкарланған жақсы қатнасық орнатыўға умтылады. Аймағымыздан ҳеш бир мәмлекет ҳеш кимге қарсы пайдаланыўына руқсат берилмейди. Бул әмелдеги ҳүкиметтиң қатаң сиясаты. Елимизге инвестиция киргизиў ушын қолайлы шараят жаратылған, бар мағлыўматларға бола, мәмлекетте суў жәрдеминде 24 000 мегаваттан аслам энергия ислеп шығарыў потенциалы бар. Ҳәзир электр энергиясы тәмийнатының 80 проценти ишки дәреклер есабына туўра келеди. Сондай-ақ, айырым бөлеги Иран, Тәжикстан ҳәм Өзбекстаннан импорт етиледи.
С.Раҳимов, ӨзА