Көшелерде рейд: қарыздарлардың автотранспортлары жәрийма майданына жайластырылмақта

Усы күнлерде Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен қарыздарлықларды мәжбүрий тәртипте өндириў бойынша Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы менен биргеликте рейд илажлары өткерилмекте.
Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлери тәрепинен қарыздарлар рәсмий ескертилип, усы қарыздарлық сапластырылмаса ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында түсиник берилген.
Илаж даўамында жәриймаларын белгиленген мүддетте төлемеген пуқаралар заманагөй технология – AVTOCON арнаўлы аппараты жәрдеминде анықланып, 21 мың 353 административлик жәриймалардан 9,3 миллиард сумнан аслам қарыздарлық өндирилген.
Сондай-ақ, жәрийманы төлеўден бас тартқан 1 мың 831 қарыздардың автотранспорт қураллары жәрийма майданына жайластырылған.
Өткерилген түнги рейд илажларының бир күнинде 630 миллион сумға шамалас 1 мың 36 орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленип, қарыздарлығы болған ҳәм өз мүддетинде сапластырылмаған 27 қарыздардың автотранспорт қураллары жәрийма майданына жайластырылды.
Бергеликтеги илажлар республикамыздың барлық аймақларында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги