Өзбек халқының уллы перзенти, көркем өнеримиздиң пидайысы

Пайтахтымыздағы “Түркстан” көркем өнер сарайында Өзбекстан халық артисти Баҳодир Йўлдошев туўылғанының 80 жыллығына бағышланған салтанатлы әдебий-ағартыўшылық кеше болып өтти.
Илажға түрли министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик шөлкемлердиң ўәкиллери, дөретиўши зыялылар, көркем өнерге меҳри бәлент ўатанласларымыз қатнасты.
Сарай фоесинде устаз көркем өнер шебериниң өмири, жумысы ҳәм көп тәреплемели дөретиўшилигинен сөз ететуғын көргизбе шөлкемлестирилди.
Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Хайриддин Султанов Баҳодир Йўлдошевтиң жумысы, дөретиўшилиги, адамгершилик пазыйлетлерине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Баҳодир Йўлдошев адамгершилик пазыйлетлери оғада жоқары болған, кемшилик ҳәм жаман иллетлерди жактырмайтуғын, ел-халқын сүйетуғын, миллий көркем өнеримизди раўажландырыўды өмириниң мазмунына айландырған дөретиўши еди.
Ол заман ҳәм мәкан нызамлықларын, инсан психологиясын терең түсинген көркем өнер ғайраткери еди. Баҳодир Йўлдошевтиң тиккелей режиссёрлығындағы спектакльлер миллий театр көркем өнеримиздиң бийбаҳа ғәзийнесине айланған. Ўатанымыздың Ғәрезсизлик, Наўрыз байрамлары, Халықаралық мақам ҳәм бақсышылық көркем өнери фестивальларының музыкалық бағдарламасын таярлаўда айрықша пидайылық ҳәм жанкүйерлик көрсеткен дөретиўши еди.
Мәмлекетимиз басшысы Баҳодир Йўлдошевтиң дөретиўшилигине, оның шахсына бәрқулла үлкен ҳүрмет, айрықша меҳир ҳәм ғамқорлық, ҳүрмет пенен итибар қаратады. Бул Президентимиздиң усы жылдың август айында қабыл еткен пәрманы тийкарында “Дийдар” театр-студиясыың көркемлик жақтан басшысы Баҳодир Йўлдошевти “Дўстлик” ордени менен сыйлықлағанда да өзиниң айқын көринисин тапты.
Салтанатлы илажда Өзбекстан халық артистлери Ёдгор Саъдиев, Афзал Рафиқов, Элёр Носиров, Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен артистлер Фарҳод Абдуллаев, Муножат Тешабоева, Өзбекстан халық артисти Абдуҳошим Исмоилов Баҳодир Йўлдошевтиң инсаныйлық пазыйлетлери, жумысқа, дөретиўшиликке садықлық пенен қатнас жасаўы ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етти.
Устаз көркем өнер ғайраткери ҳаққында гүрриң етиўши ҳүжжетли фильм оғада тәсиршең ҳәм қызғын руўхы менен илаж қатнасыўшыларында үлкен тәсир қалдырды.
– Сол дәўирде “Келинлер қозғалаңы” спектаклиниң сахналастырылыўы ҳақыйқый дөретиўшилик қозғалаң еди, – деди Өзбек Миллий академиялық драма театрының директоры, Өзбекстан халық артисти Ёдгор Саъдиев. – Буны Баҳадир Йўлдошевтиң сол дәўирдиң кемшиликлерине, иллетлерине қарсы көтерилиси еди, деп айтыў мүмкин.
Салтанатлы илажда спектакльлерден үлгилер, көркем фильмлерден көринислер көрсетилди. Дилбар нама-қосықлар, тартымлы аяқ ойынлар кешеге және де пайыз бағышлады.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы