Медицина мәкемелериндеги стерилизация бөлимлери талап дәрежесинде емес

133

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан ХДП фракциясының гезектеги мәжилисинде Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы және бир қатар нызам жойбарлары додаланды. Бул мәселе бойынша экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов мәлимлеме берди.

Депутатлар социаллық тараўға бағдарланған қаржылардың көлеми артқанын, халықты социаллық қорғаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктураны жетилистириўге айрықша итибар қаратылғанын атап өтти. Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўындағы жоқары нәтийжелерди атап өткен ҳалда айырым машқалалы мәселелерди ҳәр тәреплеме додалады. Атап айтқанда, инвестициялық бағдарламаларға кирген жойбарлар, әсиресе, билимлендириў, медициналық хызметлер менен байланыслы жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылмай атырғанының себеплери талланды.

Сондай-ақ, депутатлардың аймақлардағы үйрениўлери даўамында туўыў комплекслери, ири медицина мәкемелеринде медициналық әсбап-үскенелерди зыянсызландырыў, стерилизациялаў жумыслары талап дәрежесинде емеслиги бақланып атырғаны айтып өтилди. Фракция ўәкиллери бул бағдарда қандай илажлар көрилип атырғаны менен қызықты.

Буған жуўап ретинде Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкери аймақлардағы медицина мәкемелериниң стерилизация бөлимлериниң 28 проценти аутсорсингке берилгенин мәлим етти. Соның менен бирге, 78 район ҳәм қалада стерилизация системасы жаңадан енгизилип атырғанын айтып өтти.

Буннан тысқары, мәжилисте жәмийетлик транспорт тараўы елеге шекем өзин-өзи қаплаў дәрежесине шықпай атырғаны, соның ушын Мәмлекетлик бюджеттен қоллап-қуўатланып атырғаны сынға алынды. Ҳүкимет ўәкиллериниң атап өтиўинше, жәмийетлик транспорттағы тарифлердиң қайта көрип шығылмағаны, темир жол инфраструктурасының ҳәзирги жедел талапларға жетерли дәрежеде жуўап бермей атырғаны, тараўда бәсеки орталығының раўажланыўы қыйынласып атырғаны машқалаларға себеп болмақта.

Додалаўларда ӨзХДП электораты ҳәм бағдарламалық мақсетлери менен тығыз байланыслы болған бәнтлик ҳәм жумыс орынларын жаратыў мәселесине де итибар қаратылды.

Буннан соң мәжилисте майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиўши исбилерменлик субъектлериниң жумысын қоллап-қуўатлаўға қаратылған нызам жойбары көрип шығылды. Оған бола, перзентлерге мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ямаса мектеплер тәрепинен көрсетилетуғын билимлендириўге байланыслы хызметлер, сондай-ақ, 3 жастан 18 жасқа шекем майыплығы болған балалар ушын күндизги тәрбия хызметлеринен пайдаланғанда, ҳәр бир перзент ушын төленетуғын айына 3 миллион сумға шекемги төлемлер салықтан азат етилиўи күтилмекте.

Муҳтарама Комилова, ӨзА