Қурылыстағы кемшилик ҳәм машқалалар додаланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде турақ жай қурылысы ҳәм оны қаржыландырыўға байланыслы мәселелер бойынша мәжилис болып өтти.
Онда районлардың ҳәкимлери, мәмлекетлик кадастрлар палатасы, коммерциялық банклер ҳәм қурылыс шөлкемлериниң жуўапкерлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басқарып барды.
Онда атап өтилгениндей, 2024-2025-жыллары банк кредитлери есабынан қурылысы режелестирилген көп қабатлы турақ жайлардың айырымларында әмелий жумыслар белгиленген мүддеттен артта қалмақта. Сондай-ақ, қурып питкерилген ҳәм сатылған квартиралар бойынша Мәмлекетлик кадастрлар палатасы усынған мағлыўматлар талланып, қурылыс кәрханаларының банклерге кредит алыў ушын тапсырған ҳүжжетлери ҳәм олардың жағдайы да сын көзқарастан көрип шығылды. Атап айтқанда, айырым кәрханаларда финанслық есабатлардың кешигиўи, жойбарлардың анық режелестирилмегени ҳәм сапаға байланыслы кемшиликлер көрсетип өтилди.
Усылар менен бир қатарда мәжилисте қурылысы ҳәм тапсырылыўы белгиленген турақ жайлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, қосымша турақ жайлар қурыў ушын аукцион саўдаларына шығарылып атырған жер майданлары мәселеси де додаланды.

Мәжилис даўамында Министрлер Кеңесиниң Баслығы жуўапкерлерге турақ жай қурылысын белгиленген мүддетлерде ҳәм сапа талапларына толық әмел еткен ҳалда әмелге асырыў, банк кредитлери тийкарында қаржыландырыў процесин ашық-айдын шөлкемлестириў ҳәм турақ жай базарында артықша бюрократиялық тосқынлықларға жол қоймаў бойынша қатаң көрсетпелер берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги