Mobiuz Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде SWAP жойбарын әмелге асырмақта

115

Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында Mobiuz тармақларын модернизациялаўдың биринши басқышы нәтийжелерине бағышланған рәсмий илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Өзкомназорат» инспекциясының аймақлық басқармалары ўәкиллери, Mobiuz ҳәм ZTE Uzbekistan басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Илажда Mobiuz мобил операторы инвестиция стратегиясын жедел әмелге асырып атырғаны атап өтилди. Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына SWAP жойбарының биринши басқышының нәтийжелери ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Соңғы жыллары барлық аймақларда санлы инфраструктураны раўажландырыў, халық ҳәм бизнес ушын санлы хызметлерди енгизиў бойынша мәмлекетимиз тәрепинен белгиленген бағдар шеңбериндеги ўазыйпалар табыслы әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында Mobiuz тармақлары ҳәм үскенелерин модернизациялаў SWAP жойбарының әмелге асырылыўы  буның айқын мысалы есапланады. Жойбарды әмелге асырыў ушын телекоммуникация технологиялары тараўындағы дүнья жетекшилеринен бири – ZTE Corporation компаниясы тартылды.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятындағы тармақларды техникалық қайта үскенелеў жойбарының улыўма баҳасы 30 миллион доллардан аслам болып, бүгинги күнге шекем 13 миллион доллардан артық қаржы өзлестирилди. SWAP жойбары шеңберинде Қарақалпақстанда 314 радиорелей аралығы ҳәм 268 таяныш станция алмастырылды. 637 жаңа таяныш станция иске қосылды.

Илаж шеңберинде мобил интернет тезлигиниң жанлы өлшеўлери өткерилди. Келешекте Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятында SWAP жойбары даўам еттирилетуғыны ҳәм кеңейтилетуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги