Күнниң әҳмийетли мәселелери додаланды

115

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов аўыл хожалығында пахта териў комбайнларын басқарыўшы механизаторлар ҳәм тараўға жуўапкер тийисли қәнигелер менен ушырасыў өткерди.

Илажда аймақта пахта жыйын-терими мәўсимине таярлық процесслери, бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм механизация дәрежесин буннан былай да арттырыў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда механизаторларды заманагөй пахта териў комбайнларын басқарыўға оқытыў ҳәм қайта таярлаў жумыслары, олардың билим ҳәм маманлығын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында кең түрде айтылып, қәнигелер тәрепинен жаңа технологияларды енгизиў, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыў бойынша зәрүр усыныслар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы жыйын-терим мапазын шөлкемлескенлик пенен өткериў, бар техникаларды толық мобилизациялаў ҳәм механизаторларға мүнәсип шараят жаратыў зәрүрлигине тоқтап өтти.

Сондай-ақ, маман кадрларды таярлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, пахта зүрәәтин өз ўақтында ҳәм сапалы жыйнап алыўда әҳмийетли фактор екени атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги