Санлы суд: Нызам үстинлигине заманагөй қатнас

Шымбай районындағы Дослық мәкан пуқаралар жыйынында суд уйымы хызметкерлериниң аймақ турғынлары менен ушырасыўы өткерилди.
Илажға Шымбай районлараралық экономикалық судының баслығы Б.Бекмуратов ҳәм жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының тергеў судьясы Р.Каукишев қатнасты.
Ушырасыўда судьялар тәрепинен пуқараларға Президентимиздиң 2025-жыл 21-августта қабыл етилген «Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманы және «Әдил судлаў тараўында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийети кеңнен түсиндирип берилди. Атап өтилгениндей, Президентимиздиң усы жыл 21-августтағы ПП-140-санлы Пәрманы суд системасында санластырыўды жаңа басқышқа алып шықты. Усы пәрманға бола, енди суд ислерин электрон түрде жүргизиў имканиятлары кеңейтиледи. Жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын таллаў платформалары енгизилип, «ақыллы суд заллары» ҳәм онлайн мүрәжат системалары кең көлемде жумыс баслайды. Сондай-ақ, суд қарарларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ушын ашық мағлыўматлар базасы жаратылады.
Пуқаралар ушын судларға мүрәжат етиў, жумысларды бақлаў ҳәм қарарлар менен танысыў процеси бираз жеңиллестириледи.


Жоқарыда атап өтилгендей Президентимиздиң бул пәрманлары суд системасында жаңа басқышты баслап бермекте.
-Тараўға жасалма интеллект технологияларының енгизилиўи, суд имаратларының материаллық-техникалық тәмийнатының жақсыланыўы, судьялардың маманлығы арттырылыўы, пуқаралардың әдил судлаўға болған исенимин беккемлейди,-дейди жынаят ислери бойынша Шымбай районы судының тергеў судьясы Р.Каукишев.
Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы