Армения Бас министриниң самолёты Әзербайжан аймағынан ушып өтти

Никол Пашинянның самолёты сырт елге сапары ўақтында биринши мәрте Әзербайжан ҳаўа аймағынан пайдаланды, деди Армения Бас министриниң баспасөз хаткери Назели Багдасарян.
– 30-августтан 31-августқа өтетуғын түнде Бас министрдиң самолёты Әзербайжан ҳаўа аймағы арқалы сырт елге сапарға шығып кетти ҳәм 6-сентябрьге өтетуғын түнде Арменияға қайтты, – деп жазды Багдасарян социаллық тармақта. – 8-август күни Вашингтонда тынышлық орнатылғаннан соң, мәмлекеттиң тийисли уйымлары Әзербайжаннан ушып өтиў ушын ҳаўа жолын ажыратыўды сораған ҳәм унамлы жуўап алған.
Бул ўақыяны региондағы байланысларды шеклеўден шығарыў, тынышлық бағдарламасын алға қойыў ҳәм өз-ара исеним орталығын жаратыў жолындағы әмелий қәдем, деп билемиз. Әзербайжан самолётлары болса көп ўақыттан берли Армения ҳаўа аймағы арқалы тийкарғы аймақ ҳәм Нахчивон Автоном Республикасы арасында пәрўаз етип келмекте.
Август айының ақырында Пашинян Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммитинде қатнасыў ушын Қытайға, кейин ала Японияға барды.
С.Раҳимов, ӨзА