Ҳәмме өзге планетадан деп ойлаған космос элементи комета екен

123

Жулдызлар аралық “3I/ATLAS” объектиниң жаңа фотосүўрети бул элемент комета екенлигин дәлилледи, деп жазды Уллы Британияның “Daily Mail” басылымы.

– Бул жаңа сүўретлер “3I/ATLAS” комета екенлигин анық көрсетип тур, – деди астроном Марк Норрис журналистлерге. – Чилидеги Жемини обсерваториясы илимпазлары тәрепинен усынылған сүўретлерде кометаға тән шаң ҳәм газ булты менен қоршалған музлы ядро сәўлеленген.

“3I/ATLAS” 1-июль күни көринген. Компьютер объекттиң шама менен жасы жети ярым миллиард жылдан аслам, деп көрсетти. Бул Қуяштан үш миллиард жыл үлкен, дегени.

С.Раҳимов, ӨзА