Жаслар жетекшилери Қытайда тәжирийбе арттырмақта

Мәмлекетимизде жаслар жетекшилериниң жумысын жетилистириў, олардың жаслар менен тығыз байланысып, оларға жақыннан жәрдем бериўине имканият жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Усы мүнәсибет пенен Жаслар ислери агентлиги ҳәм бир қатар бирге ислесиўши шөлкемлердиң басламасы менен жаслар жетекшилериниң бир топары ҳәзирги ўақытта Қытай Халық Республикасының пайтахты Пекинде жайласқан Мәмлекетлик басқарыў миллий академиясында тәжирийбе арттырмақта.

Мағлыўматларға бола, Мәмлекетлик басқарыў миллий академиясы Қытайда мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм басшы кадрларды таярлаў бойынша ең абырайлылардан бири болып есапланады.
Оқыў процесинде жаслар жетекшилери мәмлекетлик басқарыў структурасын үйренип, халықаралық тәжирийбе тийкарында жаңа идеялар ислеп шығыў ҳәм оларды мәҳәллелерде енгизиў көнликпелерин раўажландырмақта.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, академия жасларға мәмлекетлик басқарыў, стратегиялық режелестириў, инновациялық менеджмент ҳәм социаллық раўажланыў бағдарларында алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм оларды әмелиятқа енгизиў имканиятын береди.
Гулноза Бобоева,
ӨзА