Журналистлер институттағы жаңалықлар менен танысты

Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги баспасөз хызметиниң басламасы менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Шымбай районында жайласқан Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеў институтына пресс-тур шөлкемлестирилди.
1958-жылы шөлкемлестирилген бул илим дәргайы Қарақалпақстан аўыл хожалығында әҳмийетли орын ийелейди. Институт селекция жетискенликлерин кеңнен сынақтан өткериў, жаңа сортларды жаратыў ҳәм олардың басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестириў, сондай-ақ, аймақлардың топырақ, климат шараятына сәйкес ресурс үнемлеўши агротехнологияларды ислеп шығыў менен шуғылланады. Сондай-ақ, жетекши сырт-ел илимий орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойып, грантлар тартыў, тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыўға үлкен итибар қаратылмақта.
Институт қарамағында жәми 1022,01 гектар жер майданы болып, соннан 593,03 гектары суўғарылатуғын жер болып есапланады. 2024-жылдың өними ушын тәжирийбе хожалығының жумыс режесине бола, пахта, бийдай, жоңышқа, гүнжи, мәш, бир жыллық шөплер ҳәм илимий дала тәжирийбелери ушын егинлер жайластырылған.
Соңғы жыллары институт илимпазлары тәрепинен жаратылған ғаўашаның 2, бийдайдың 2, айғабағардың 4, судан шөбиниң 2, жоңышқаның 1 жаңа сортлары Мәмлекетлик реестрге киргизилди ҳәм өндириске енгизилди. Соның ишинде, “Шымбай-5018” ҳәм “КК-3535” сыяқлы перспективалы пахта сортлары кең майданларда сынақтан өткерилмекте. Сондай-ақ, “Шымбай,” “Арал” сыяқлы бийдай сортлары да жоқары зүрәәтлилиги менен тән алынып, туқымгершилик хожалықларына усынылды.
Сондай-ақ, институтта майлы егинлер ҳәм от-жемлик егинлердиң жаңа сортларын жаратыў ҳәм оны өндириске енгизиў бойынша да бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2020-2023-жылларда айғабағардың “КК-28,” “КК-52,” “КК-60” ҳәм “КК-50” сортлары Мәмлекетлик реестрге киргизилип, елимиздиң басқа ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында суўғарылатуғын майданларға егиў ушын усыныс етилди.
– Институтта жаратылған илимий нәтийжелер тек ғана селекция бағдарында емес, ал, от-жемлик егинлер бойынша да әмелий нәтийже бермекте,-дейди Қарақалпақстан Дийқаншылық илим-изертлеў институты директоры Бекмурат Турдышев.- Атап айтқанда, жоңышқаның «Каракалпакская-15», судан шөбиниң «Чимбайская-юбилейная» ҳәм «Чимбайская-8» сортлары Мәмлекетлик реестрге киргизилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларының суўғарылатуғын майданларына егиў ушын усыныс етилди. Усылар менен бир қатарда, судан шөбиниң «Чимбайская-12» ҳәм Африка тарысының «Г-6» жаңа сортлары жаратылып, 2022-жылы Аўыл хожалығы егинлерин сорт сынаў Орайына топырақ қадағалаўында сынақтан өткерилди ҳәм усы орайдың презентациясы тийкарында сорт сынаў участкаларында сынақтан өткерилмекте.
2023-жылы жаңадан жаратылған сортларға патент алыў ушын Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен ғаўашаның жаңа «КК-3545» сортына НАП 20230071, гүзги бийдайдың «Шымбай» сортына НАП-2020 0051, «Арал» сортына НАП -2020 0052 санлы талапнамалар алынды. Сондай-ақ, гүнжиниң “Өнимдар” сортына патент алыў ушын ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлигине усынылды.
Институттың тәжирийбе хожалығында селекционер илимпазлар тәрепинен жаратылған ғаўашаның жаңа 2, гүзги бийдайдың 2, бәҳәрги бийдайдың 2, арпаның 1, судан шөбиниң 2, африка тарысының 1, жүўериниң 2, жоңышқаның 1 сортларының басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылды.
2023-жылы жетистирилген гүзги бийдайдың “Арал” ҳәм “Шымбай” сортларынан 8400 кг, бәҳәрги бийдайдың “Саратов” ҳәм “Сәўле” сортларынан 650 кг, арпаның Абу-Ғафур сортынан 892 кг жоқары әўладлы туқымлары жетистирилип, тазаланды. Олар соңынан сайлап алынып, коммерцияластырыў ушын таярланды.
Институтта жумсақ гүзги бийдай, бәҳәрги бийдай, жүўери, судан шөби ҳәм африка тарысы сортларынан жоңышқаның 1 сортының басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестириў бойынша жумыслар алып барылды. Атап айтқанда, 2023-жылы жетистирилген гүзги бийдайдың “Арал” ҳәм “Шымбай” сортларынан 8400 кг, бәҳәрги бийдайдың “Саратов” ҳәм “Сәўле” сортларынан 650 кг, арпаның “Абу-Ғафур” сортынан 892 кг жоқары әўладлы туқымлары жетистирилип, тазаланды. Соңынан бул туқымлар сайлап алынып, коммерцияластырыў ушын таярланды.
Институтта жумсақ гүзги бийдай, бәҳәрги бийдай, жүўери, судан шөби ҳәм африка тарысы сортларынан 2022-2023-жылда жетистирилген жоқары әўлад туқымларынан 2023-жыл даўамында Республика фермер хожалықлары ҳәм басқа да ислеп шығарыўшылар менен хожалық шәртнамалары тийкарында коммерцияластырылып, институттың раўажландырыў қорына 23,7 млн.сум қаржы өткерилди.
Сондай-ақ, институтымызда “International Center for Biosaline Agriculture” (ICBA) шөлкеми менен биргеликте “Debelopment of Sustainable Agricultural Production Systems in Degraded Areas of Karakalpakstan” атамасындағы халықаралық бирге ислесиўдеги жойбары бойынша изертлеў жумыслары әмелге асырылмақта.
“Food and Agriculture Organization” (FAO) шөлкеми менен биргеликте халықаралық жойбарды әмелге асырыўға келисип алынып, шәртнамалар дүзилмекте.
International Center for Agricultural Research in the Dry Areas (ICARDA) шөлкеми менен халықаралық CIMMYT (Мексика) илимий орайынан алып келинген сырт ел бәҳәрги жумсақ бийдайдың 3 дана, қатты бийдайдың 1 дана сорт үлгилери (ICARDA), шөлкеми менен тығыз бирге ислесип, фермерлеримиз ушын жоқары өнимдарлы сортларды жаратыў бойынша институт тәжирийбе хожалығында илимий излениўлер алып барылмақта.
“EF-Polymer private limited” шөлкеми тәрепинен ислеп шығарылып атырған гидрогеллерди институт тәжирийбе хожалығы егислик майданларында сынақтан өткериў бойынша биргеликте тәжирийбелерин алып барылмақта.
Сондай-ақ, Россия Федерациясының Федерал илимий агроинженерлик орайы ВИМ институты, К.А.Тимирязев атындағы Россия мәмлекетлик аграр университети ҳәм Калуга АПК тараўында қосымша профессионал билимлендириў институты, Қазақстан дийқаншылық ҳәм өсимликтаныў илимий-изертлеў институты менен бирге ислесиў бойынша меморандумлары дүзилип, аўыл хожалығы егинлериниң коллекциялық сорт үлгилерин алмасыў, экологиялық сынақтан өткериў, тәжирийбелер алмасыў, жас илимпазлардың маманлығын арттырыў бойынша стажировкаларға жибериў бойынша бирге ислесиў шәртнамалары ислеп шығылмақта.
Кейинги жылларда коммерцияластырылған жойбарлардан қосымша қаржылар табылып, институттың раўажланыўына қаратылмақта.

Пресс-тур даўамында илаж қатнасыўшылары институттың тәжирийбе хожалығында болып, илимпазлардан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.