Машқалаларды сапластырыў илажлары белгиленди

130

Исбилерменлер бүгинги күнде экономикамыздың раўажланыўына салмақлы үлес қосыў менен бирге, жаңа жумыс орынларын жаратыўда әҳмийетли хызмет атқарып келмекте. Олардың жумысларын қоллап-қуўатлаўда болса, тиккелей жақыннан пикирлесиў арқалы машқалаларына шешим табыў бүгинги күнниң талабы болып табылады.  

Елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы, республикамызда да исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, республикамыз басшылары тәрепинен олар менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилмекте.

Усындай ушырасыўлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Нөкис қаласында өткерилди.

Онда жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, инвестициялық жойбарларды иске түсириў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды. Ушырасыўға Төрткүл, Беруний, Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў ҳәм Қанлыкөл районларындағы исбилерменлер, усы район ҳәкимлери ҳәм жуўапкер министрлик, мәкеме басшылары қатнасты.

Өткерилген ушырасыўда айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша пикирлесип, исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланды ҳәм билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги