Өзбекстан – Венгрия парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Венгрия Миллий ассамблеясы баслығының орынбасары Иштван Якаб пенен ушырасты.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы қатнасықларды, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды.
Өзбек ҳәм венгер халықларын уқсас тарийхый тамырлар, тығыз бирге ислесиў қарым-қатнаслары байланыстырып турады. Кейинги жыллары еки мәмлекет басшыларының исенимли сиясий ерк-ықрары, жоқары дәрежедеги ушырасыўлары себепли Өзбекстан – Венгрия арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў избе-из раўажланып, барлық дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың май айында Венгрияға сапары мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтип, еки тәреплеме байланысларды жаңа басқышқа алып шықты.
Сөйлесиў даўамында Нызамшылық палатасының Спикери мийман тәрепке жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Нызамшылық палатасының структуралық дүзилиси, оның нызам дөретиўшилиги ҳәм парламентлик қадағалаў бағдарындағы жумысы ҳаққында мағлыўматлар берди.
Өз гезегинде, И.Якаб жыллы ҳәм дослық мүнәсибет ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында соңғы жылларда мәмлекетте кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтти. Атап айтқанда, Ташкент ҳәм Самарқанд қалалары халықаралық дипломатия орайларына, ири халықаралық илажлар – форумлар, саммитлер ҳәм әнжуманлар өткерилетуғын орынға айланып баратырғанын атап өтти.
– Өзбекстан – Венгрия арасындағы бирге ислесиў барған сайын раўажланып бармақта. Биз мәмлекетиңизде әмелге асырылып атырған өзгерислерди үлкен қызығыўшылық пенен бақлап бармақтамыз. Барлық тараўларда, соның ишинде, парламентаризмде болып атырған процесслер итибарымызды тартпақта. Венгрия Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң кең спектринде биргеликте раўажланыўдың тәрепдары ҳәм оған бәрқулла таяр,-деди И.Якаб.
Сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықларды тереңлестириў, парламент дипломатиясының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў ушын тийисли комитетлер арасында байланысларды жолға қойыў кереклиги айрықша атап өтилди.
ӨзА