Жаңа оқыў жылы жақсылық ҳәм итибар менен басланды

Ўатанымыздың келешеги болған жас әўладтың ҳәр тәреплеме жетик, мәрипатлы ҳәм ўатансүйгиш болып камалға келиўинде билимлендириўдиң орны шексиз. Балалардың билим алыўға болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаў, олардың теңдей билим алыў имканиятларын тәмийинлеў бүгинги реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири. Әсиресе, жаңа оқыў жылы басланғанда бундай итибар ҳәм ғамқорлық жаслардың кеўлинде үлкен тәсир қалдырады.
Усы ийгиликли мақсет жолында 2-сентябрь – Билимлер күни мүнәсибети менен Әмиўдәрья районында әмелий баслама әмелге асырылды. Район ҳәкиминиң тиккелей басламасы менен 200 жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерине мектеп формасы салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасарлары – Г.Сабурова ҳәм Н.Камолов, сондай-ақ, районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлиминиң баслығы Я.Шомуратов қатнасты. Олар балаларға жаңа форма тарқатып, жақсы тилеклер билдирип, жаңа оқыў жылында әўмет ҳәм табыслар тиледи,-дейди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Бундай илажлар тек ғана оқыўшылардың жүзинде қуўаныш оятып қоймастан, ал олардың қәлбинде билим алыўға болған қызығыўшылығын және де арттырады. Мектеп формасы менен тәмийинленген балалар жаңа оқыў жылын көтериңки кейпиятта баслаў имканиятына ийе болды.

Билим ҳәм ағартыўшылықты тийкарғы қәдирият сыпатында белгилеген елимизде балалар ушын жаратылып атырған имканиятлар – келешекке қойылып атырған беккем тырнақ болып есапланады. Әмиўдәрья районында өткерилген бул илаж да мине, усы ийгиликли ҳәрекетлердиң және бир әмелий көриниси болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги