Дәслепки пахта кәрўаны қабыл етилди

148

Аўыл хожалығы – мәмлекет экономикасында әҳмийетли орын тутатуғын тармақлардан бири болып есапланады. Әсиресе, пахташылық тараўы елимизде мың жыллық дәстүрлерге ийе болып, ҳәзирги күнде де экономикалық турақлылық ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Быйылғы пахта жыйын-терими мәўсимин шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириў, зүрәәтти зая етпей жыйнап алыў мақсетинде арнаўлы терим отрядлары қәлиплестирилди. Терим мапазында 16 мың 115 ге шамалас теримшиниң қатнасыўы режелестирилмекте. Олар ушын атызларда барлық шараятлар жаратылған – мийнет процеси нәтийжели ҳәм қәўипсиз өтиўи ушын зәрүр шараятлар шөлкемлестирилген.

Беруний районындағы пахта тазалаў заводына усы жылдың дәслепки пахта кәрўаны жетип келди. Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев, Беруний районы ҳәкими И.Хидиров, аўыл хожалығы қәнигелери, нураныйлар ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Жыйын-терим мәўсими алдынан жақсы нийетлер билдирилип, пәтияға қол жайылды. Фермер хожалығы жумысшылары ҳәм механизаторлар мүнәсип хошаметленди. Соң, пахта қабыллаў пунктлерине тапсырылды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

2025-жылы Беруний районында 8 500 гектар майданға шигит егилген. Бүгинги күнде атызларда мийнет етип атырған фермерлер, механизаторлар ҳәм кеўилли теримшилердиң ҳәрекетлери арқалы мине, усы мийнеттиң нәтийжеси көзге таслана баслады.

Зүрәәтти жүзеге шығарыў аңсат болмағанындай, оны толық жыйнап алыў да жуўапкершиликти талап етеди. Сонлықтан, барлық теримшилерге үлкен күш, денсаўлық ҳәм әўмет тилеймиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги