Медицинаны раўажландырыўға қаратылған ири жойбарға старт берилди

Республикамызда халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў, әмелий медицинаны илимий принциплер тийкарында жетилистириў арқалы нәтийжели медициналық жәрдем көрсетиў, системада әмелге асырылып атырған реформаларды турақлы даўам еттириў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 12-декабрьдеги «Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина Академиясын шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-453-санлы қарары менен республикамызда илимий-әмелий медицина академиясын шөлкемлестириў белгиленген еди.
Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин усы Академия қурылысының әмелий жумыслары басланды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасып, елимизде медицина тараўын раўажландырыў, заманагөй илимий-әмелий орайларды шөлкемлестириўдиң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти. Атап өтилгениндей, бул академия тек ғана жоқары тәжирийбели қәнигелерди таярлаў емес, ал халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.

Жаңа илимий-әмелий медицина академиясы республикамыздың медицина инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, жас қәнигелер ушын кең имканиятлар жаратыў ҳәм халқымыздың саламатлығын беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги