Шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жетекши тармағы

Шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары хызметлери тараўы республика экономикасының хызмет көрсетиў секторында жетекши тармақлардан бирине айланбақта. Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июль айларында Өзбекстанда шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары тәрепинен көрсетилген хызметлер көлеми 7 триллион сумға жетти. Ҳәзирги ўақытта шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонларының хызметлери тек ғана халықтың талапларын тәмийинлеў емес, ал аймақлардың экономикалық белсендилигин арттырыўда да әҳмийетли орын ийелемекте.
Аймақлар кесиминде хызметлер көлеми Ташкент қаласында ең жоқары болып, 1228,9 миллиард сумды қурамақта. Соның менен бирге, Ферғана ўәлаятында – 952,8 миллиард сум, Самарқанд ўәлаятында – 878,6 миллиард сум, Наманган ўәлаятында – 765,5 миллиард сум, Ташкент ўәлаятында – 708,3 миллиард сум, Әндижан ўәлаятында – 446,1 миллиард сум, Қашқадәрья ўәлаятында – 425,8 миллиард сум, Хорезм ўәлаятында – 345,1 миллиард сум, Қарақалпақстан Республикасы – 328 миллиард сум, Сурхандәрья ўәлаятында – 243,1 миллиард сум, Бухара ўәлаятында – 228,1 миллиард сум, Наўайы ўәлаятында – 222,8 миллиард сум, Жиззақ ўәлаятында – 148,2 миллиард сум, Сырдәрья ўәлаятында 95 миллиард сумды қураған.
Аймақларда халықтың тығызлығы ҳәм экономикалық белсендиликтиң жоқарылығы, сондай-ақ, хызмет көрсетиў тараўындағы инфраструктураның раўажланыўы бул көрсеткишлерге тәсир етпекте.
Шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары хызметлери көлеминиң өсиўинде бир қатар факторлар роль атқарады. Бәринен бурын, халықтың жасаў дәрежесиниң жақсыланыўы, қала ҳәм районларда хызмет көрсетиў инфраструктурасының кеңейиўи ҳәм сапасының артыўы бул бағдарда әҳмийетли тәсир көрсетти. Сондай-ақ, жас әўлад арасында гөззаллыққа болған талаптың артқаны, мода ҳәм жеке тәрбияға қызығыўшылықтың раўажланыўы хызметлер көлемин көбейтти.
ӨзА