Ҳаял-қызлардың белсендилиги арттырылмақта

120

Әмиўдәрья районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Аҳмедованың қатнасыўында “Мәҳәлле жетилиги” жуўапкерлери менен ушырасыў болып өтти, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Мәжилисте ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды мәўсимлик ҳәм турақлы жумыс орынларына тартыў, шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеў, ажырасыўларды азайтыў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Ҳаял-қызларды кәсип-өнерге оқытыў, оларды социаллық белсендиликке тартыў ҳәм шаңарақлық исбилерменликти кеңейтиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.

Илаж даўамында мәҳәллелерде әмелге асырылып атырған жумыслар талланып, машқала ҳәм кемшиликлерге шешим сыпатында ҳәр бир аймақ бойынша анық усыныслар ислеп шығылды. Бундай қатнас, бәринен бурын, мәҳәллениң өзинде машқалаларды сапластырыў, ҳаял-қызларға мәнзилли жәрдем көрсетиў имканиятын береди.

Ҳаял-қызлардың жәмийетте мүнәсип орын ийелеўи, өз потенциалын толық көрсетиўи тек ғана шаңарақ емес, ал мәҳәлле ҳәм пүткил мәмлекеттиң раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, бундай әмелий ушырасыўлардың системалы түрде өткерилиўи ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги