Интенсив дипломатия халқымыз мәпине хызмет етпекте

135

Пикир


Өткен сегиз жылда Президентимиз Өзбекстанның жаңа, заманагөй, интенсив дипломатия усылын жаратты. Қытай Халық Республикасына бес күн даўам еткен рәсмий сапар жылдың оғада әҳмийетли сиясий ўақыясы болды, десек алжаспаймыз. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тяньцзинь саммити ҳәм “Шанхай бирге ислесиў шөлкеми плюс” форматындағы сөйлесиўлердеги қатнасыўы, Қытай Халық Республикасы Баслығы, Россия Федерациясы Президенти, Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри, усы мәмлекеттиң абырайлы компанияларының басшылары менен өткерген нәтийжели сөйлесиўлериниң әҳмийети шексиз. Ҳәр бир ушырасыў ҳәм басламаларында халқымыздың мәплери сәўлелендирилди.

Усы жерде төмендеги санга итибар бериң. 2024-жылдағы глобал тоқымашылық базарының көлеми шама менен 1 триллион доллар әтирапында баҳаланған, талап жылдан-жылға артып бармақта. Хош, талап артып баратырған дүнья базарына Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған бул түрдеги товарларды жеткерип бериўде ең әҳмийетли мәселе не? Әлбетте, транспорт ҳәм логистика. Президент Шавкат Мирзиёевтиң жақын қоңсышылық ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди сәўлелендирген сыртқы сиясаты ҳәм басламасы менен 2024-жылы декабрьде Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан темир жолының қурылысына старт берилди. 2025-жылдың июль айында Өзбекстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан транс-аўған темир жолының техникалық-экономикалық тийкарын ислеп шығыў бойынша үш тәреплеме рамкалы келисимге қол қойылып, бул жолды қурыў бағдарында әҳмийетли қәдем қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы “Шанхай бирге ислесиў шөлкеми плюс” форматындағы мәжилисте алға қойған басламалардан бири мине усы еки коридорды бир-бири менен байланыстырыўды нәзерде тутады. Бул басламаны әмелге асырыў ШБШ ҳәм Глобал Қубла мәканында жайласқан барлық мәмлекетлер ушын оғада зәрүр.

Өзбекстан ең жақын қоңсыларынан бири болған Аўғанстан менен кейинги жыллары тынышлық ҳәм раўажланыў жолында тәсиршең ҳәм нәтийжели сөйлесиў алып бармақта. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – Аўғанстанның турақлы ҳәм заманагөй раўажланыўға ерисиўине жақыннан жәрдем бериў. Узыннан-узақ ойлаўлар емес, анық санлардың өзи көп нәрселерди түсиндирип береди. Интернеттеги рәсмий дереклерге бола, бүгин Аўғанстанда 40 миллионнан аслам халық жасамақта. Бул, бәринен бурын, оғада үлкен базар дегени. Қалаберди, бул мәмлекетте инсан ресурслары ҳәм капиталының раўажланыўынан оған қоңсы болған барлық мәмлекетлер бирдей мәпдар. Усы мәниде Президентимиз халықаралық жәмийетшиликтиң Аўғанстан ҳүкимети менен конструктивлик сөйлесиўи регионның улыўма мақсетлерине сәйкес келиўине айрықша итибар қаратты.

Өзбекстанның стратегиялық шериги сыпатында Қытай мәмлекетимиздеги кең көлемли реформаларды қоллап-қуўатлаған ҳалда ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлерден бири. Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан артпақта. Өткен жылдың өзинде 10 миллиард доллардан аслам 64 жойбар иске қосылды. Жаңа кәрханаларда мыңлаған ўатанласларымыз жумыслы болмақта. Бул параллель түрде еки әҳмийетли мақсетке хызмет етпекте. Бириншиси, адамларымыз заманагөй кәрханаларда ислемекте. Екиншиден, жоқары технологиялық көнликпелерди ийелеп, бәсекиге шыдамлы қәнигеге айланбақта.

Президентимиздиң Қытайға сапары шеңберинде халықаралық көлемде үлкен абырайға ийе “China National Building Materials” (CNBM), “China National Petroleum Corporation” (CNPC), “China National Nuclear Corporation”, “Henan Investment Group”  компанияларының басшылары менен сөйлесиўлери Өзбекстанда жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыў, және мыңлаған ўатанласларымызды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған. Мәмлекетимизге жоқары, алдынғы, инновациялық ҳәм қурамалы илимий-изертлеў ҳәм инженерлик технологияларға ийе қүдиретли кәрханалардың кирип келиўине тийкар жаратылмақта.

Мәселен, “China National Building Materials” (CNBM) компаниясы 28, соның ишинде, АҚШ, Германия ҳәм БАӘ сыяқлы дүньяның раўажланған мәмлекетлеринде 40 қа шамалас филиалға ийе. Ямаса “China National Petroleum Corporation” (CNPC) өндирис санаатында революция жасаған жәмәәтлердиң бири. Ол энергетика, жоқары күшлениўли электр жеткерип бериў, санлы инфраструктура ҳәм оптикалық талшықлы байланыс, онлайн саўда, “ақыллы” логистика, бултлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект, биоинженерлик ҳәм биомониторинг станцияларын, үлкен көлемде мағлыўматларды қайта ислеў технологияларын раўажландырыўда ең соңғы тәжирийбелерди енгизген.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытайға рәсмий сапары сиясий, экономикалық ҳәм социаллық жақтан оғада үлкен әҳмийетке ийе болды. Көп полюслы система, геоэкономика, регионаллық интеграция, исенимди беккемлеў илажлары сыяқлы күшли турмыслық талапларды сәўлелендиретуғын халықаралық сиясат шараятында барлық мәмлекетлер өз мәплерин алға қойып атырғаны тәбийғый. Мине, усындай жағдайда абырайлы сырт мәмлекетлердиң басшылары тәрепинен қоллап-қуўатланған Өзбекстан жетекшисиниң басламалары халықаралық күн тәртибин белгилеўде тийкарғы векторлардан бири болмақта. Бул, әлбетте, тән алыўға ылайық.

Ғуламжан Самадов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы

Баспасөз хызметиниң баслығы, сиясаттаныўшы