ШБШ саммити жуўмақлары додаланды

138

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясының мәжилиси болып өтти. Онда дәслеп Президентимиздиң Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңеси мәжилисиндеги тарийхый шығып сөйлеген сөзиниң әҳмийети ҳаққында сөз етилди.

Атап өтилгениндей, саммитте ШБШ шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, шөлкемниң жумысын жетилистириў перспективалары додаланып, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша өз-ара пикир алысты.

Мәмлекетимиз басшысы Қытай Халық Республикасына сапары шеңберинде усы мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары менен де ушырасты. Соңғы жыллары Қытай бизнесиниң Өзбекстанға қызығыўшылығы жылдан-жылға күшеймекте. Өзбекстанға ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлерден бири сыпатында Қытайдың инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан артпақта. Тек ғана өткен жылдың өзинде инвестициялардың көлеми 10 миллиард доллардан асты. Компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар жаңа өндирислик қуўатлықларды иске қосыўда айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Фракцияның гезектеги мәжилисинде Мәмлекетлик бюджет ҳәм мақсетли қорлар бюджетлериниң 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўын көрип шығыў режелестирилген. Соннан келип шығып, депутатлар бюджеттиң орынланыўын дәслепки тәризде көрип шықты. Мәмлекетлик бюджетти додалаўда партия идеяларынан келип шығып қандай мәселелерге итибар қаратыў кереклиги бойынша өз-ара пикир алысты.

Атап өтилгениндей, аймақларда халықтың бәнтлиги ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша илажлар ҳәм әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде усы жылдың биринши ярым жыллығында жалпы ишки өнимниң көлеми 7,2 процентке өскен.

Сондай-ақ, фракция ағзалары тәлим-тәрбия, мектеплерди сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбалары менен толық тәмийинлеў бағдарындағы мәселелерге итибар қаратты. Есап бериў дәўиринде бул бағдарда нәтийжели жумыслар исленгени, соның ишинде, сабақлықлар менен байланыслы қәрежетлерге 784,8 миллиард сум, музыка әсбапларын сатып алыўға болса 49,4 миллиард сум жумсалғаны атап өтилди.

ӨзА